Өзбекстан елшиси Абдусалом Хатамов Оман Саўда-санаат палатасы (ССП) баслығы шейх Фейсал ал-Раввос пенен ушырасыў өткерди.

Сөйлесиў ўақтында саўда-экономикалық, инвестициялық ҳәм басқа да тараўларда Өзбекстан – Оман бирге ислесиўиниң бүгинги жағдайы ҳәм перспективалары додаланды.

Тәреплер Оман исбилермен топары ўәкиллериниң Өзбекстанда инвестициялық жойбарлардағы қатнасыўын жеделлестириў, мәмлекетимизде жетистирилген аўыл хожалығы өнимлериниң экспортын кеңейтиў мәселелерине айрықша итибар қаратты.

Шейх Фейсал ал-Раввос усы жылдың 2-3-май күнлери болып өтетуғын үшинши Ташкент халықаралық инвестициялық форумның жумысында Оман Саўда, санаат ҳәм инвестицияны раўажландырыў министрлиги ҳәм Саўда-санаат палатасы делегациясының қатнасатуғынын билдирди. Форум шеңберинде Өзбекстан ҳәм Оман Саўда-санаат палаталары арасында жаңаланған түсинисиў меморандумына қол қойыў режелестирилген.

Ушырасыў жуўмағында Маскатта «Made in Uzbekistan» бренди астындағы өзбек өнимлери көргизбесин шөлкемлестириў бойынша келисимге ерисилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги