Өзбекстан ҳәм Нидерландия сиясий сөйлесиўди жеделлестириў, саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық тараўларда салмақлы потенциалды жүзеге шығарыў мәселелерин додаламақта.

Кеше Ташкент қаласында Өзбекстан ҳәм Нидерландия арасында сиясий мәсләҳәтлесиўлердиң гезектеги дөгерек сәўбети болып өтти.

СИМ мағлыўматына бола, онда Өзбекстан-Нидерландия қатнасықларының бүгинги жағдайы ҳәм тийкарғы бағдарлары көрип шығылды.

Ушырасыўда сиясий сөйлесиўди жеделлестириў, саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық тараўларда бар салмақлы потенциалды жүзеге шығарыў, парламентлераралық байланысларды раўажландырыў, мәдений-гуманитарлық бирге ислесиўди беккемлеў, сондай-ақ, мәмлекеттиң жетекши илим ҳәм билимлендириў мәкемелери арасындағы қатнасықларды кеңейтиў мәселелери додаланды.

Сөйлесиўлер күн тәртибинен тоқымашылық ҳәм аўыл хожалығы тараўларында бирге ислесиўди раўажландырыў мәселелери де орын алды. Өз-ара товар алмасыў көлемин арттырыў ҳәм биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыўдан өз-ара мәпдарлық билдирилди.

Түрли дәрежеде, соның ишинде, «Орайлық Азия – Европа Аўқамы» тәризиндеги болажақ биргеликтеги илажлар кестеси ҳәм шөлкемлестириўшилик жақларына айрықша итибар қаратылды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги