Өзбекстанда III Халықаралық инвестиция форумы өз жумысын жуўмақлады. Бул ҳаққында Инвестициялар, санаат ҳәм саўда министрлиги баспасөз хымети хабар берди. 

Мәлим етилиўинше, 93 мәмлекеттен 2,5 мыӊнан аслам делегатты жәмлеген форум глобал қарым-қатнас ҳәм инвестициялық тараўдағы тәжирийбе алмасыў майданына айланды. Илаждыӊ еӊ әҳмийетли ўақыяларынан бири Өзбекстан Республикасы ҳәм Қырғызстан Республикасыныӊ Бас министрлериниӊ қатнасыўында регионаллық энергетика жойбарларыныӊ (Қамбарата ГЭС-1 ҳәм Ёвон ГЭСин қурыў) сырт ел инвесторларына презентациясы болып өтти, деп мәлимлеме береди хабар.уз

Форум жуўмағына бола, жәми баҳасы 26,6 млрд долларға теӊ келисимлерге қол қойылды:

  • «Data Volt» компаниясы (Саудия Арабстаны)  менен биргеликте «Жаӊа Ташкент»те қала инфраструктурасын қурыў (1млрд доллар) ҳәм жасыл технологияларға тийкарланған «мағлыўматлар орайларын» қурыў (3 млрд доллар);
  • «Acwa Power» компаниясы (Саудия Арабстаны) менен Қарақалпақстан Республикасында қуўатлылығы 5 ГВт самал электр станциясын ҳәм қуўатлылығы 2 ГВт болған электр энергиясын сақлаў қурылмаларын қурыў (6,2 млрд доллар);
  • «Amea Power» компаниясы (БАӘ) менен Қарақалпақстан Республикасында қуўатлылығы 1000 МВт болған самал электр станциясын қурыў (1,1 млрд доллар);
  • «Saudi Tabrid» компаниясы менен Нөкис, Ферғана ҳәм Қувасой қалаларында ыссылық системасын модернизациялаў (750 млн доллар);
  • «Nil Shugar» компаниясы (Египет) менен Жиззақ ўәлаятында қант ләблеби жетистириў ҳәм қумшекер ислеп шығарыў (500 млн доллар);
  • «Shaynxay Knud Interneshnl» компаниясы (Қытай) менен Наманган ўәлаятында текстиль ҳәм тоқымашылық өнимлерин ислеп шығарыў (205 млн доллар);
  • «Vilmar Interneshnl» компаниясы (Сингапур) менен Ташкент ўәлаятында азық-аўқат өнимлери ҳәм шарўа ушын азықлық ислеп шығарыў (200 млн доллар).

Буннан тысқары, форумда дүньяныӊ бир қатар ири компаниялары есапланған «Oraskom Investment» (Египет), «Bonafarm Grup» (Венгрия), «Sayar» (АҚШ), «Goldvind», «Sinoma» (Қытай), «Sam Yap» (Түркия), «Pasha Development» (Әзербайжан) «Laselsberger» (Австрия), «Petrosat Chexelsoton» (Иран) сыяқлы компаниялар менен баҳасы 6,6 млрд долларға теӊ жаӊа инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў бойынша келисимлерге ерисилди.

Мағлыўмат ушын, 2023-жылғы ТХИФ та 11 млрд долларлық 167 ҳүжжетке қол қойылған.

Қарақалпақстан хабар агентлиги