2024-жыл 5-май күни Хожели районы “Саманкөл” мәҳәллесинде мәштиң тез писер сортын жетистириўге байланыслы көргизбели семинар болып өтти.

Оған Салыгершилик илимий-изертлеў институты директорының орынбасары З.Зиядуллаев, район ҳәкими Ж.Ермашев, шет елли алымлар, Хожели, Тақыятас, Шоманай, Нөкис районларының фермерлери ҳәм тийисли тараў басшылары қатнасты.

Сөзге шыққанлар мәштиң “Дүрдана” сортын егиў тәртиби, абзаллығы ҳәм басқа сортларға қарағанда әҳмийетли тәреплери, соның менен бирге бул өним тез күнде жетисип, мол зүрәәт беретуғынлығы сөз етилди. Семинар даўамында ҳәр бир фермерге 20 кг мәш туқымы тарқатылып, қатнасыўшылар өзлериниң қызықтырған сораўларына жуўап алды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги