Қарақалпақстан насос станциялары ҳәм энергетика басқармасы тәрепинен Шоманай районында жайласқан “Дийханабад-2” насос станциясында электр энергиясынан нәтийжели пайдаланыў, үнемлеў ҳәм суўғарыў мәўсиминде насос агрегатларының техникалық жақтан сазлығын тәмийинлеў мәселелери бойынша семинар өткерилди.

Семинарда Қарақалпақстан насос станциялары ҳәм энергетика басқармасы баслығының орынбасары Н.Аралбаев, Өзбекстан Республикасы Суў хожалығы министрлиги тәрепинен тастыйықланған режеге муўапық, ҳәр ҳәптениң жума күнинде насос станцияларының жумысы ҳәм аймақлардағы насос агрегатларының жағдайы үйренилип, бул бойынша белгиленген ўазыйпалардың орынланыўы ҳәр ҳәптеде додаланатуғынлығын атап өтти.

Атап өтилгениндей, тийисли қарар ҳәм мәмлекетлик бағдарламаларға муўапық, 2024-жыл даўамында 7 дана жаңа насос, 6 электродвигатель, 18 конденсатор, 2 плавный пуск, 2 қуяш батареясы ҳәм 170 светодиод лампаларының орнатылыўы нәтийжесинде 291 258 кВт электр энергиясы үнемлениўи режелестирилген. Сонлықтан бул электр үнемлеўши үскенелерди өз мүддетинде орнатыў ҳәм есап-санағы бойынша зәрүр жумыс журналларын жүргизиў мәселелери түсиндирилди.

Атап өтилгениндей, бар суўдан, электр энергиясынан утымлы пайдаланыўымыз керек. Райондағы 4 мың 300 гектарға шамалас аўыл хожалығы егислик майданлары насос станциялары агрегатларының жәрдеминде суўғарылатуғынлығын атап өтиў керек. Аймақта Қарақалпақстан насос станциялары ҳәм энергетика басқармасына қараслы 11 насос станциясы ҳәм оларда 23 насос агрегатлары болып, басқарманың тийисли қәнигелери менен олардың сазлығы көзден өткерилген. Быйылғы жылы райондағы 8 насос агрегатларын оңлаў режелестирилген болса, олардың бесеўи суўғарыў мәўсими алдынан толық оңлаўдан шығарылған.

Семинар даўамында Қанлыкөл-Шоманай бөлиминдеги барлық насос станциялар жанында шөлкемлестирилген жәрдемши хожалықларда картошка ҳәм палыз егинлерин егиў ҳәм насос станциялары әтирапына егилген мийўели, саяманлы терек нәллерин тәрбиялаў бойынша алып барылып атырған жумыслар додаланып, жуўапкерлерге керекли усыныс ҳәм тапсырмалар берилди.

 Қарақалпақстан хабар агентлиги