Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министирлиги ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Кегейли районлық Ишки ислер бөлими тәрепинен оқыўшы-жаслар арасында жол ҳәрекети қағыйдаларын үгит-нәсиятлаў ҳәм сол арқалы олардың қәӯипсизлигин тәмийинлеӯ мақсетинде, мектеп оқыўшылар арасында «Жасыл шырақ» спорт жарысының районлық басқышы өткерилди.

Белгиленген шәртлер бойынша қызықлы өткен жарыс жуўмағында, өз қарсыласларынан үстин 1-санлы улыӯма орта билим бериӯ мектебиниң командасы биринши, 14-санлы мектеп оқыӯшылары екинши, 41-санлы мектеп жаслары сыйлы үшинши орынды ийелеӯге миясар болды.




Жарыс соңында жеңимпаз болған 1-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң оқыўшы-жаслары жарыстың Қарақалпақстан Республикасы басқышына жоллама алып, Кегейли районлық Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи бөлими тәрепинен баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги