Ҳаял-қызлардың экономикалық, социаллық, жәмийетлик-сиясий белсендилигин арттырыў, саламатлығын сақлаў, кәсипке бағдарлаў ҳәм бәнтлигин тәмийинлеў бағдарында кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта.

Мәмлекетимиз Президенти тәрепинен ҳаял-қызлардың жәмийеттеги тутқан орнын беккемлеў, оларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў бойынша бир қатар ҳуқықый ҳүжжетлер қабыл етилди. Әсиресе, Президентимиз Ш. М. Мирзиёев тәрепинен 2019-жыл, 2-сентябрде қабыл етилген  «Ҳаял-қызлар ҳәм ерлер ушын тең ҳуқық ҳәм имканиятлар кепилликлери ҳаққында»ғы қарары ҳәм   2021-жыл, 28-майдағы Өзбекстан Республикасы Олий Мажлис Сенатының «2030-жылға шекем Өзбекстан Республикасында гендер теңликке ерисиў стратегиясын тастыйықлаў ҳаққында» ғы қарарының  қабыл етилиўи мәмлекетимизде ҳаял-қызлардың ҳуқықларын қорғаў, олардың жәмийеттеги белсендилигин арттырыўда тийкарғы ҳуқықый ҳүжжет болып хызмет етпекте.

Тақыятас районында әмелге асырылып атырған жумыслар менен танысыў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитети баслығы О.Парпиева, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси баслығының орынбасары, Қарақалпақстан Республикасы Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитетиниң баслығы М. Ахмедова Тақыятас районында болды.

Райондағы ҳаял-қызлар белсендилери ҳәм бир қатар жуўапкер хызметкерлер қатнасыўында  илаж болып өтти. Онда ҳаял-қызлар белсендиси Г.Нурлепесова тәрепинен ҳаял-қызлардың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм  әмелге асырылған жумыслар бойынша презентация өткерилди.

Илаж даўамында пикир-усыныслар билдирилип, көрсетпелер берилди.

Г.Турдышова,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы