Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2018-жыл
20-октябрь күни «2030-жылға шекемги дәўирде турақлы раўажланыў тараўындағы миллий мақсет ҳәм ўазыйпаларды әмелге асырыў илажлары ҳаққында»ғы қарары қабыл етилди.

Усы қарар ҳәм БМШ Бас Ассамблеясының 2015-жыл сентябрь айында өткерилген саммитинде қабыл етилген арнаӯлы резолюцияға муӯапық, сондай-ақ, 2030-жылға шекемги дәўирде БМШ Глобал күн тәртибиниң Турақлы раўажланыў мақсетлерин избе-изликте әмелге асырыў жумысларын шөлкемлестириў мақсетинде Миллий мақсет ҳәм ўазыйпалар тастыйықланды.

Оған муўапық, 2030-жылға келип барлық ҳаял-қызларды кемситиўлердиң ҳәр қандай түрине шек қойыў, сиясий, экономикалық ҳәм социаллық турмыста қарарлар қабыл етиўдиң  барлық дәрежелеринде ҳаял-қызлардың толық ҳәм нәтийжели қатнасы, сондай-ақ, жетекшилик етиў ушын теңдей имканиятларды тәмийинлеў зәрүр.

Усы бағдарда, 2019-жылы 3-сентябрь күни қабыл етилген «Ҳаял-қызлар ҳәм ерлер ушын тең ҳуқық ҳәм имканиятлар кепилликлери ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасының Нызамы менен миллий нызамшылығымызда биринши мәрете «гендер», «гендер статистикасы», «гендер-ҳуқықый экспертиза» «жынысы бойынша тиккелей кемситиў», «жынысы бойынша жанапай кемситиў» түсиниклери пайда болды.

Бул нызам менен «гендер» түсинигине төмендегише сыпатлама берилип, Гендер – бул ҳаял-қызлар ҳәм ерлер арасындағы қатнасықлардың жәмийетлик турмыс ҳәм жумыстың барлық тараўларында, атап айтқанда, сиясат, экономика, ҳуқық, идеология ҳәм мәденият, билимлендириў, илим тараўларында сәўлеленетуғын социаллық тәрепи. «Гендер» латынша «genus», яғный «жыныс» мәнисин аңлатады.

2019 жылы 3-сентябрь күни қабыл етилген «Ҳаял-қызларды басым ҳәм зорлықтан қорғаў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасының Нызамы менен зорлық, жынысый зорлық, физикалық зорлық, экономикалық зорлық, руўхый зорлық сөзлерине түсиниклер берилди.

Зорлық – бул бир шахстың екинши бир шахсқа қастан физикалық, руўхый, жынысый ямаса экономикалық тәсир өткериў ямаса усындай тәсир өткериў шараларын қолланыў менен қорқытыў арқалы оның ѳмири, денсаўлығы, жынысый қол қатылмаслығы, абырайы, қәдир-қымбаты ҳәм оның нызам менен қорғалатуғын басқа да ҳуқықлары менен еркинликлерине қәўип туўдыратуғын нызамға қайшы ҳәрекет, ҳәрекетсизлик болып есапланады.

Бул нызам менен миллий нызамшылығымызға қорғаў ордери, яғный басым ҳәм зорлықтан жәбирлениўшиге мәмлекет қорғаўын усыныўшы, ҳаял-қызларға басым өткерип атырған ямаса оларға зорлық ислеген шахсқа ямаса шахслар топарына қарата усы нызамда белгиленген тәсир шарасын қолланыўға себеп болыўшы ҳүжжетти бериў тәртиплери енгизилди. [ОКОЗ:

1.01.00.00.00 Конституциявий тузум / 01.06.00.00 Инсон ва фуқаронинг ҳуқуқлари, эркинликлари ва бурчлари / 01.06.09.00 Алоҳида тоифадаги фуқароларни (аёллар, болалар ва бошқалар) ҳуқуқий ҳолатини ўзига хос хусусиятлари]

[ТСЗ:

1.Ижтимоий-маданий масалалар / Ижтимоий суғурта, ижтимоий таъминот ва ижтимоий ҳимоя;

2.Одил судлов. Ҳуқуқ-тартиботни муҳофаза қилиш. Адлия / Маъмурий жавобгарлик]

[ОКОЗ:

1.02.00.00.00 Давлат бошқаруви асослари / 02.08.00.00 Иқтисодиёт, ижтимоий-маданий қурилиш соҳасидаги давлат бошқарувининг умумий масалалари / 02.08.07.00 Ҳисоб. Ҳисобот. Статистика (шунингдек, 07.29.00.00 га қаранг)]

 

 

 Кайрат ҚЫПШАҚБАЕВ,

Нөкис районлар аралық ҳәкимшилик суды судьясы.

Қарақалпақстан хабар агентлиги