Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасының депутаты Б.Алдамуратов ҳәм Халық депутатлары Қараөзек районлық Кеңеси депутатларының қатнасыўында район орайындағы Қутлы мәкан, Ғәрезсизлик гүзары мәкан пуқаралар жыйынларында «мәҳәлле жетилиги» ўәкиллери, аймақтағы мәкемелердиң ўәкиллери ҳәм аймақ турғынлары менен ушырасыў болып өтти.

Илажда депутатлар тәрепинен соңғы ўақытлары мәмлекетимиздеги нызамшылықларда жүз берип атырған өзгерислер менен жаңалықлар, төменги палата мәжилисинде тастыйықланған нызамлардың мазмуны ҳәм әҳмийети ҳаққында кең түрде мағлыўматлар берилди.

Атап айтқанда, Олий Мажлис Нызамшылық палатасы тәрепинен қабыл етилип атырған «Өз басымшалық пенен ийелеп алынған жер участкасына ҳәм оларға қурылған имаратларға болған ҳуқықларын тән алыў туўралы” нызам жойбары, сондай ақ, усы жылдың 16-апрель күни қабыл етилген Өзбекстан Республикаси Министрлер Кабинетиниң «Жанар май – энергетика тараўында базар механизмлерин енгизиўдиң қосымша илажлары ҳаққында»ғы қарары, 1-май сәнесинен баслап халық ушын электр энергиясы ҳәм тәбийғый газдиң бир айлық тутыныўының «базалық нормалары» ҳаққында мағлыўматлар берилип, ушырасыў даўамында мәҳәлле белсендилериниң пикир-усыныслары тыңланды.

Усы мазмундағы ушырасыўлар күн даўамында районлық электр менен тәмийинлеў кәрханасы, Бердақ, Есимөзек, Қараөзек аўыл пуқаралар жыйынында да өткерилип, Олий Мажлис Нызамшылық палатасының депутаты Б.Алдамуратов ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутаты С.Ешанов, жергиликли Кеңес депутатлары қатнасты.

Бул жерлерде  үгит-нәсият жумыслары менен бирге, депутатлар мәҳәлле жетилиги ўәкиллериниң жумыслары менен танысып, аймақта ҳаял-қызлардың бәнтлигин тәмийинлеў, кәсип-өнерге бағдарлаў, социаллық қорғаў бағдарында әмелге асырылған жумыслардың барысы жергиликли Кеңес депутатлары менен биргеликте үйренилди.





Қатнасыўшылар депутатлардан өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги