Ѳзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасының баслығы Казбек Артыковтың басламасы менен орынлардағы текстиль тараўында жумыс алып барыўшы исбилерменлердиӊ мүрәжатларына муўапық, бирге ислесиў, шериклик қатнасықларды беккемлеў бағдарында әмелий жәрдем берилди.

Атап айтқанда, Хожели районында жайласқан «MIDASIATEX CLUSTER» ЖШЖ ўәкили Ҳ.Юлдошева ҳәм «TAXTA SHEBER QOLLARI» ЖШЖ баслығы Г.Алламуратовалар Елликқала районында жайласқан «Buston Mega Tekstil» ЖШЖ, Тѳрткүл районындағы «Agro To’rtko’l tekstil cluster» ЖШЖ ҳәм Беруний районында жайласқан «Rayhon Apparel» ЖШЖ ўәкиллери менен тиккелей ушырасып, тәжирийбе алмасты.

– Тез арада исбилерменлер арасында экономикалық-шериклик байланыслары және де беккемленеди ҳәм өндирис кѳлеми артып, бизнес субъектлерине мол дәрамат келтиреди, деп исеним билдиремиз,–дейди басқарма баслығы К.Артыков.

Олар усы кәрханалардағы өндирис, жумыс кѳлеми ҳәм бул жерде жаратылған имканиятлар менен жақыннан танысты. Буннан тысқары, кәрхана басшылары бирге ислесиў бағдарында шериклик байланысларын орнатыў бойынша сѳйлесиўлер алып барылды.

Бул бағдардағы илажлар даўам етеди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги