Мәмлекетимиз басшысының 2022-жыл 25-апрельдеги ”Бажыхана орайында қайта ислеў” бажыхана режимин қолланыўды тәртипке салыў хаққындағы қосымша режелер хаққында”ғы пәрманы менен усы режимди қолланыў тәртиби әпиўайыластырылды.

Атап айтқанда, усы пәрман менен импорт етилген товарларға бажыхана төлемлерин төлеместен оларды қайта ислеў арқалы қайта ислеў нәтийжесинде пайда болған товарларды ҳеш қандай төлемлерсиз сырт елге экспорт етиў имканияты жаратылды. Товарларды “бажыхана аймағында қайта ислеў” бажыхана режимине жайластырыў шәртлериниң әпиўайыластырылыўы нәтийжесинде 2023-жыл даўамында  елимизде өз жумысын әмелге асырып атырған исбилерменлик субъектлери тәрепинен 977 миллион АҚШ доллары баҳасындағы 3,179 тонна өним бажыхана режиминде қайта ислеў мақсетинде алып киргизилди, соннан 630 миллион АҚШ доллары баҳасындағы 2,324 тонна өним қайта исленип, сырт елге реэкспорт етилген.

2024-жылдың басынан баслап бул режимге 1 миллион 520 мың АҚШ доллары баҳасындағы 5,841 тонна өним рәсмийлестирилген болып, бүгинги күнге келип бул өнимлерден қайта исленген 2,583 тонна товарлар сырт  мәмлекетлерге реэкспортқа шығарылды.

Қарақалпақстан Республикасы бажыхана басқармасы хызметкерлери тәрепинен усы режимниң абзаллықларын исбилерменлик субъектлерине жеткерип бериў ҳәм олардың өз кәрханаларында усы режим имканиятларынан кең пайдаланған ҳалда товарларды дүнья базарларына шығарыўына жәрдемлесиў мақсетинде өткерилип атырған үгит-нәсият илажларының гезектегиси” Nukus Polimer”  ЖШЖда болып өтти.

Ушырасыўда “бажыхана аймағында қайта ислеў – бажыхана бажыларынан азат аймақ” екенлиги айтылып, режимниң қолланылыўы кәрхананың  өндирис ҳәм экспорт көлеминиң және де артыўына унамлы тәсирин көрсетиў әмелий мысалларда түсиндирилди.

Бул кәрхана өз жумысын 2017-жылы заманагөй усылдағы технологиялық әсбап-үскенелерди сырт елден бажыхана төлемлеринен азат етилген ҳалда алып кириў менен баслаған. Полиэтилен қубырларын 300 ден артық ассортиментте ислеп шығарыўға қәнигелестирилген кәрхана шийки затларды Иран, Россия, Түркменстан мәмлекетлеринен ҳәм ишки базарымыздағы “Uzkorgaz” “SHortangaz” кәрханаларынан алып қайта ислейди.

Ҳәзирги күнде заман талабына сай бәсекиге шыдамлы өним ислеп шығарыўды жолға қойған кәрхана жуўапкерлерине товарлар экспортын жолға қойыў, буның ушын болса “бажыхана аймағында қайта ислеў” бажыхана режиминиң абзаллықларынан пайдаланып, жеңиллик импортын әмелге асырыў талаплары түсиндирилди.

Усы сыяқлы ушырасыўлар бүгинги күнде 20 дан аслам жергиликли пуқараларды турақлы жумыс пенен тәмийинлеген ҳәм оннанда үлкен өндирис қуўатлылығына ийе болған бул исбилерменлик субъекти жаратылған шараятлардан өнимли пайдаланып, өз өнимлерин дүнья базарларына бағдарлаўға түртки болды.

                                                                                       Даўыт Абибуллаев,

                                                              Қарақалпақстан хабар агентлиги