Атқарыў ҳәкимияты уйымлары, мәмлекеттиң қатнасыўындағы кәрханалар биринши басшыларының тийкарғы ўазыйпаларынан бири етип өз тараўында жеке меншик сектор үлесин арттырыў, бәсеки қәлиплескен тараўлардағы, сондай-ақ, олардың жумысына тән болмаған, нәтийжесиз ҳәм бос турған активлерди меншиклестириў белгиленди.

«Экономикада мәмлекеттиң қатнасыўын қысқартыўдың қосымша илажлары ҳаққында»ғы президент қарары қабыл етилди.

Республикалық ҳәм жергиликли атқарыў ҳәкимияты уйымлары, мәмлекетлик үлеси 50 проценттен жоқары болған хожалық жәмийетлери (мәмлекет қатнасыўындағы кәрханалар) биринши басшыларының тийкарғы ўазыйпаларынан бири етип өз тараўында жеке меншик сектор үлесин бирдей арттырып барыў, бәсеки орталығы қәлиплескен тараўлардағы, сондай-ақ, олардың жумысына тән болмаған, нәтийжесиз пайдаланып атырған ҳәм бос турған активлерди меншиклестириў (сатыў) белгиленди.

Сондай-ақ, төмендегилер тастыйықланды:

ғалабалық саўдаларға шығарылатуғын акция пакетлери (үлеслери)ниң дизими;

– ғалабалық саўдаларға шығарылатуғын мәмлекетлик ҳәм мәмлекет қатнасыўындағы кәрханалардың көшпес мүлк объектлериниң дизими;

– жергиликли фонд базарында акциялардың басланғыш (IPO) ямаса екилемши (SPO) ғалабалық усынысы өткерилетуғын кәрханалар дизими.

Мәмлекет қатнасыўындағы кәрханалар акцияларының ғалабалық усынысын өткериў процесинде:

– қабыл етилген буйыртпалар тийкарында акцияларды шөлкемлескен саўдаларда алды-сатты келисимлери инвестиция дәлдәлшилери тәрепинен айрықша түрде «Ташкент» РФБ саўда майданшасында дизимнен өткериледи;

– жергиликли инвесторлардың буйыртпашыларын қабыл етиў «Ташкент» РФБ саўда майданшасында әмелде болған усылларға қосымша түрде, E-AUKSION электрон саўда платформасы, соның ишинде, оның мобиль қосымшасынан пайдаланған ҳалда әмелге асырылады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги