Мәмлекетимизде улыўма инсаныйлык, миллий ҳәм шаңарақлық қәдириятларды беккемлеў «Аўызбиршиликли шаңараққа қарай» концептуаллық идеясы мәмлекетимиздиң үлгили шаңарақларының социаллық белсендилигин жетилистириў, шаңарақта перзент тәрбиясындағы жуўапкершиликти күшейтиў, оларда ана-Ўатанға муҳаббат сезимлерин арттырыў мақсетинде, Қараөзек районы Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлими тәрепинен 15-май «Халықаралық шаңарақ» күни мүнәсибети менен «Үлгили шанарақ» таңлаўының районлық басқышы  болып өтти.

Таңлаўға  райондағы 4 секторлар аймағындағы ең  үлгили  шаңарақлар қатнасты.

Онда Қараөзек районы ҳәкиминиң орынбасары, шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлиминиң баслығы Роза Сагидуллаева шығып сөйлеп, таңлаўдың тийкарғы мақсети, халқымыздың көп әсирлик  үрп-әдетлерин  ҳүрметлеў, жас әўладтың жәмийет алдындағы жуўапкершилигин сезиниў, миллий ҳәм улыўма инсаныйлық қәдириятларға, жасы үлкенлерге ҳүрмет жас кишиге иззет руўхында тәрбиялаў ҳәм үлгили шаңарақлардың тәжирийбелерин  ен жайдырыў кереклигин атап өтти.

Қызықлы өткен таңлаў тәжирийбели төрешилер қурамы тәрепинен баҳаланып, Қараөзек посёлкалық пуқаралар жыйынынан Маҳамбеталий Досқалиевтың шаңарағы жеңимпаз деп табылды ҳәм республикалық басқышқа жолламаны қолға киргизди.

Таңлаў соңында барлық қатнасыўшылар шөлкемлестириўшилер тәрепинен Ҳүрмет жарлықлар ҳәм баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги