Мәмлекетимизде жасларға тийисли сиясатқа үлкен итибар қаратылмақта. Усы имканиятлардан пайдаланып киятырған жасларымыз да көп. Шетки районлар да өз жасларына итибар қаратып, олардың талантын жүзеге шығарып қоллап- қуўатламақта.

Атап өтетуғын болсақ, Тахтакөпир районында усы бағдарда арнаўлы руўхый-ағартыўшылық илажлары шөлкемлестирилип, онда тийисли шөлкемлер, мәкан пуқаралар жыйынлары менен биргеликте  бир қанша үгит-нәсиятлаў жумыслары алып барылмақта.

Тастыйықланған реже тийкарында мектеплерге жаўызлыққа қарсы рухый-ағартыўшылық илажлары да даўам етпекте.

– 2023-жылдың өзинде еки мәрте районымызда мәнәўият фестивалы болып өтти. Бул фестивальда зиялы инсанлардың қатнасыўында, халықтың арасына кирип, уйлеринен хабар алып, бир кесе шай үстинде сәўбетлесиўлер өткерилди ҳәм бүгинги күнде алып барылып атырған реформалар ҳаққында пикирлер билдирилди,-дейди Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Тахтакөпир районлық бөлиминиң бас қәнигеси Қуўанышбай Бахытбаев.

Соны да атап өтиў керек, районда ҳәзирги ўақытта үш китап баспадан шықты. Бунда дөретиўши жаслар өз дөретпелери менен белсене қатнасты.

Тахтакөпир районында билимли жаслар оғада көп. Оларға келешекте имканиятларын жүзеге шығарыў бойынша тийисли илажлар ислеп шығылған.

Азиза Өмирбаева,

ҚМУ журналистика бағдарының 4-курс студенти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги