27-май күни Көксарай резиденциясында елимизге мәмлекетлик сапарын әмелге асырып атырған Россия Федерациясы Президенти Владимир Путинди салтанатлы күтип алыў мәресими болып өтти.

Резиденция алдындағы майданда еки мәмлекеттиң байрақлары көтерилди ҳәм қараўыл сап тартты.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев жоқары мәртебели мийманды қызғын күтип алып, минберге мирәт етти. Мәмлекет гимнлери жаңлады. Әскерий оркестр намалары астында жетекшилер сап тартқан қараўыл алдынан өтип, рәсмий делегациялар ағзаларын қутлықлады.

Биргеликте сүўретке түскеннен кейин, мәмлекет басшыларының тар шеңбердеги сөйлесиўлери басланды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги