Қыс мәўсими басланыўынан-ақ, бизге таныс “Үйде жалғыз” фильми экранларда сәўлеленеди. Байрам да бул киносыз өткен емес. Ҳеш қызыққансыз ба, бул фильмдеги актёрлар өз мийнети ушын қанша гонорар алды?

Фильм дүнья жүзи бойынша миллионлап инсанлардың кеўилинен орын алды ҳәм биз жаслығымыздан сүйип тамаша ететуғын бул кино елеге шекем экранларымызда қойылады.

Фильмдеги ҳәр бир актёрдың роли машаққат талап етеди.

Фильмниң екинши бөлиминде сүўретке түсиў ушын Марвин-Дэниел Стернға алдынғыдан да еки есе аз гонорарды усынған. Басқа актёрларға болса, керисинше бир неше есе көбирек.

Мәселен, Гарри образын ойнаған Жо Пеши менен еки миллион доллар, бас қаҳарман Маколей Калкин менен бес миллион долларлық шәртнама дүзилген еди. Дэниел Стернға болса буннан 4 есе аз, 1 миллион доллар гонорар усыныс еткен.


– Менсиз олар суўретке алыў жумысларын басламаўын билетуғын едим, бирақ өзиме исенимим төмен еди. Биринши бөлимде суўретке түсиў маған унағаны ҳәм ашкөз болып көринбеў ушын көбирек гонорар талап етиўге уялдым,-дейди Стерн.

Нәтийжеде, актёрдың шериги Жо Пеши менен бирдей гонорар алыўға мияссар болды.

Солай етип, фильм ҳәр бир инсанның кеўлинен орын алды.

 

Интернет материалларынан алынды.

Таярлаған: Азиза Өмирбаева

ҚМУ журналистика тәлим бағдарының 4- курс студенти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги