Бажыхана уйымлары тәрепинен сапасы кепилленбеген товарлардың нызамға қайшы түрде мәмлекетимиз аймағында айланыста болыўының алдын алыў бойынша илажлар даўам етпекте.

Қарақалпақстан Республикасы бажыхана басқармасы Контрабандаға қарсы гүресиў бөлими хызметкерлери тәрепинен алынған оператив мағлыўматлар тийкарында МҚХ Шегара әскерлери хызметкерлери менен биргеликте, темеки өнимлериниң нызамға қарсы түрде айланысының алды алынды.

Нөкис қаласындағы Ғәрезсизлик көшесинде өткерилген оператив илаж даўамында, Өзбекстан Республикасы пуқарасы басқарыўындағы “Кобальт” маркалы автотранспорт қуралы тоқтатылып, қалыслардың қатнасыўында тексериўден өткерилгенинде, ҳеш қандай ҳүжжетлерсиз сырт мәмлекетте ислеп шығылған ҳәм акциз маркаларсыз, жәми баҳасы 18 215 000 сумлық төрт түрдеги (“ESSE CHANGE”,“MILANO TECH LOCK” еки түри, “MILANO LONDON” атлы) 549 қуты темеки өнимлери жүкленгени анықланып, илаж қатнасыўшылары тәрепинен иркилди.

Ҳәзирги ўақытта усы жағдай бойынша бажыхана уйымлары тәрепинен тергеўге шекемги тексериў ҳәрекетлери алып барылмақта.

Қарақалпақстан хабар агентлиги