Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасының  депутаты Руслан Джумамуратов Нѳкис қаласындағы «Ақ отаў», «Бағшылық» ҳәм «Қурылысшы» мәкан пуқаралар жыйынында болып, мәҳәлле «жетилик»лери менен ушырасыў өткерди.

Илажлар даўамында депутат тәрепинен мәмлекетимизде нызамшылықта әмелге асырылып атырған өзгерислер ҳәм жаңалықлар, қабыл етилип атырған пәрман, нызам ҳәм қарарлардың мазмуны, әҳмийети ҳаққында  мағлыўматлар берилди.

Сондай-ақ, мәҳәлле “жетилик”лери тәрепинен әмелге асырылып атырған жумыслар туўралы мағлыўматлар берилип, қатнасыўшылардың пикир-усыныслары, мүрәжатлары тыңланды.

– Мәҳәлле «жетилиги» –  мәкан пуқаралар жыйыны баслығы, хәким жәрдемшиси, жаслар жетекшиси, ҳаял-қызлар белсендиси, профилактика инспекторы, социаллық хызметкер ҳәм салық инспекторының жумыс ѳнимдарлығы, олардың ҳәр бириниң ѳз жумысларына болған жуўапкершилигине тиккелей байланыслы,-дейди «Қурылысшы» МПЖ баслығы Уғылхан Дуримбетова.  – Бүгинги сәўбет даўамында усы бағдардағы жумысларымыздың нәтийжелилигин тәмийинлеўге қаратылған бир қатар мағлыўматларға ийе болдық.

Аймақлардағы көп қабатлы үйлерде канализация системасы бойынша бир қатар мәселелер, сондай-ақ, мәкан пуқаралар жыйыны ушын  балалар майданшасын қурыў ҳаққында бир қатар усыныслар билдирилди.

Депутат тәрепинен бул мәселелер тийисли тәртипте қадағалаўға алынды.

Илаж даўамында қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги