Шоманай районы Мәденият бөлиминде «Өзбекстан улыўма үйимиз» атамасында дослық фестивалы болып өтти.

Фестивальда Шоманай районы ҳәкиминиң орынбасары – Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлиминиң баслығы Т.Қаллықлычова, районлық Нураный қоры баслығы Д.Нийетуллаев, Республика руўхый-ағартыўшылық орайы районлық бөлими баслығы И.Алланиязов ҳәм басқалар шығып сөйлеп,  миллетлераралық татыўлық, бир жәмийетте жасап, бир мақсет жолында мийнет етиў, түрли миллет ҳәм халықларға тийисли адамлар арасындағы өз-ара ҳүрмет, меҳир, дослық ҳәм аўызбиршилик ҳаққында пикир-усыныслар билдирилди.

Атап өтилгениндей, елимизде көплеген миллет ўәкиллери аўызбиршиликте жасап келмекте. Халықымыз әзелден толерантлық, миймандослық, кеширимлилик, басқалардың үрп-әдет ҳәм дәстүрлерине ҳүрмет сыяқлы улыўма инсаныйлық пәзийлетлерин көрсетип келген. Миллетлераралық татыўлық түрли халықлар биргеликте жасайтуғын регион ҳәм халықлардың миллий раўажланыўын белгилеп, тынышлық ҳәм абаданлықтың кепили болып хызмет етеди.

«Жаңа Өзбекстанның раўажланыў стратегиясы»ның айырым бағдарлары да миллетлераралық татыўлық қатнасықларын жақсылаўға қаратылған.

Миллетлераралық татыўлыққа итибар қаратылыўы Өзбекстанда жасап атырған миллет ҳәм халықлардың түрли тараўларда жумыс ислеўи, үрп-әдет ҳәм дәстүрлерден хабардар болыўына имканият жаратпақта. Бул тиккелей руўхый қәдириятлардың миллет ишинде раўажланып, және де байыўына алып келеди.

Фестиваль даўамында көп миллетли халықлардың миллий қәдириятларын сәўлелендириўши сахналық көринислер, аяқ ойынлар, қосықлар атқарылды.

Илажда қатнасқан улыўма билим бериў мектеплери шөлкемлестириўшилер ҳәм район ҳәкимлиги тәрепинен Ҳүрмет жарлығы, естелик саўғалары менен сыйлықланды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги