Екшемби күни Чеченстан басшысы Рамзан Қадиров басшылығындағы делегация Шавкат Мирзиёев ҳәм Владимир Путинниң қатнасыўындағы Россия ҳәм Өзбекстан регионлары кеңеси мәжилисинде қатнасыў ушын Ташкентке келди.

Рамзан Қадировты Ташкент халықаралық аэропортында Ташкент қаласы ҳәкими Шавкат Умурзақов, Президент қәўипсизлиги хызмети басшысы орынбасары  Отабек Умаров ҳәм басқалар күтип алды. Буннан соң, мәмлекет басшысы Өзбекстан бас министри Абдулла Арипов пенен  ушырасты.

«Мени ҳәм әзиз досларымды Өзбекстан Бас министри Абдулла Арипов жыллы жүзлилик пенен күтип алды. Сөйлесиў уақтында Владимир Путин ҳәм Шавкат Мирзиёевтиң сиясий ерк-ықрары себепли ерисилген мәмлекетлеримиз арасындағы шериклик байланыслардың стратегиялық мәнисин атап өтти. Абдулла Ниғматович, сондай-ақ халықларымыз арасындағы әзелден дослық байланыслар орнатылғаны, оларды сақлаў ҳәм раўажландырыў зәрүрлигин айрықша атап өтти», – дейди Қадиров.

Ол, сондай-ақ, Чеченстанның биринши президенти Ахмат Хажы Қодиров  Өзбекстанда билим алғаны, сол себепли чеченлер бул елди жыллы қабыл ететуғынын атап өтти. Еки халық арасында даўам етип киятырған туўысқанлық байланысларын атап өтти, -деп жазады xabar.uz

                                                                    Қарақалпақстан хабар агентлиги