Бас прокуратура жанындағы Департаменттиӊ Қарақалпақстан Республикасы басқармасы Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети ҳәм Ишки ислер министрлиги хызметкерлери менен биргеликте өткерилген оператив илаж даўамында  сертификат алып бериўди ўәде еткен шахс усланды.

Атап айтқанда пуқара С.О. пуқара А.Б.ны танысларыныӊ жәрдеминде  “TOEFL iBT” атамасындағы “С1” сертификатын алып бериўди ўәде етеди. Буныӊ ушын  1 мыӊ 800 АҚШ долларын алған ўақтында айғақлы дәлиллер менен усланды.

Бул жағдай бойынша Өзбекстан Республикасы Жынаят Кодексиниӊ тийисли статьялары менен жынаят иси қозғатылып, тергеў ҳәрекетлери алып барылмақта.

Қарақалпақстан хабар агентлиги