Тахтакөпир районындағы көп тармақлы орайлық поликлиника 1983-жылы пайдаланыўға тапсырылған болып, усы ўақытқа шекем халыққа сапалы хызмет көрсетип келмекте. Поликлиника ҳәр сменада 695 наўқасты қабыллаўға мөлшерленген. Районлық поликлиника районда жасаўшы 20297 пуқараға қәнигелестирилген шыпакерлик, терапиялық, педиатриялық, акушер-гинекологиялық хызмет көрсетеди.

– Районда 2023-жылы туўыўшылық 13,5, улыўма өлимшилиқ 1 процентти қурады,-поликлиниканың медицина статистикасы бойынша қәнигеси Клара Турғанбаева.

Поликлиникалық балалар бөлими район орайында жайласқан.

Район орайында жайласқан халықтың улыўма саны 20 297ды қурайды. Соннан, 15 жасқа шекемги балалар саны 5424.  Район орайында 6 балалар бақшасы болып, ҳәр бир балалар бақшасы арнаўлы мийирбийке ҳәм шыпакерлик пункт пенен тәмийинленген. Балалар өлимшилигиниң алдын алыў ушын ҳәр айда еки мәрте балалар штабы өткерилип барылады.

Улыўма айтқанда, район поликлиникасында наўқасларға, әсиресе, балаларға жүдә үлкен итибар бериледи. Себеби, балалар өмиримиздиң мазмуны!

 

Азиза Өмирбаева,

ҚМУ журналистика бағдарының 4-курс студенти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги