Көксарай резиденциясында Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Россия Федерациясы Президенти Владимир Путинниң тар шеңбердеги ушырасыўы болып өтти.

Сәўбет алдында мәмлекетимиз басшысы жоқары мәртебели мийманды қутлықлап, Россия Президенти қайта сайланғанынан кейин дәслепки сырт ел сапарларынан бирин әйне Өзбекстанға әмелге асырылып атырғанын айырықша атап өтти.

Ушырасыўда Өзбекстан-Россия кең көлемли стратегиялық бирге ислесиў ҳәм аўқамласлық қатнасықларын және де раўажландырыў ҳәм тереңлестириў мәселелери көрип шығылды.

Сапарға таярлық шеңберде парламент ағзаларының ушырасыўлары, сиясый мәсләҳәтлер, «Иннопром» көргизбеси, еки мәмлекеттиң жетекши инженерлик-техникалық жоқары оқыў орынлары ректорлары ҳәм абырайлы медицина мәкемелери басшыларының әнжуманлары нәтийжели өткени, Ташкентте Рус көркем өнери ҳәптелиги илажлары даўам етип атырғаны атап өтилди.

Саўда-экономикалық бирге ислесиўдиң өсип баратырған пәти қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Өз ара товар алмасыў ҳәм Россиядан инвестициялар көлеми көбеймекте, санаат кооперациясы раўажланбақта. Қоспа жойбарлар портфели 45 миллиард долларды қурады.

Жетекши кәрханалардың қоспа жойбарларын қоллап-қуўатлаў мақсетинде Қоспа инвестиция платформасын иске түсириў бойынша келисимге ерисилди.

Президентлер аймақлараралық бирге ислесиўди және де раўажландырыў кереклигин атап өтти. Бүгин мәмлекет басшылары басшылығында Өзбекстан ҳәм Россия аймақлары кеңесиниң биринши мәжилиси болып өтеди.

Сондай-ақ, жетекшилер энергетика, сондай-ақ атом энергетикасы, аўыл-хожалығы, инновациялар, миграция, қәўипсизлик ҳәм басқа тараўларда өз ара пайдалы бирге ислесиўди раўажландырыў мәселелерин толық додалады.

Көп тәреплеме мәдений-гуманитарлық алмасыў раўажланып атырғанына жоқары баҳа берилди. Сапар даўамында Мәдений бирге ислесиў бағдарламасы қабыл етиледи.

Билимлендириў ҳәм инженер кадрларды таярлаў тараўларындағы бирге ислесиўге айырықша итибар қаратылды. Өзбекстанда Бауман атындағы Москва техника университети ҳәм Пүткилроссия сыртқы саўда академиясы филиалларын ашыў бойынша келисимлерге ерисилди.

Мәмлекет басшылары тәреплерди қызықтырған регионаллық ҳәм халықаралық әҳмийетке ийе мәселелер бойынша да пикир алмасты.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги