Олий Мажлис Сенаты Баслығы Танзила Норбоева Корея Республикасыныӊ Миллий Ассамблеясы делегациясын қабыл етти.

Ушырасыўда тәреплер еки мәмлекет парламентлериниӊ байланыслары ҳәзирги күнде жаӊа басқышқа көтерилгенин, тығыз дослық қатнасықларына, халықларымыздыӊ менталитети, дәстүр ҳәм қәдириятлары уқсаслығына тийкарланған байланыслар стратегиялық шериклик қатнасықлары дәрежесинде раўажланып атырғанын атап өтти.

Сондай-ақ, саўда ҳәм инвестиция көрсеткишлери турақлы өсип, мәмлекетимизде Корея капиталы қатнасыўында дерлик мыӊ кәрхана жумыс алып баратырғанына итибар қаратылып, бул бағдардағы көрсеткишлерди арттырыў мақсетинде биргеликтеги жойбарларды кеӊейтиў бойынша пикир алысылды.

Корея тәжирийбеси тийкарында «KOICA» халықаралық бирге ислесиў агентлигиниӊ жәрдеми менен Өзбекстанда «Электрон парламент» системасын енгизиў грант жойбарыныӊ әмелге асырылыўы додаланды.

Жақында сайланған Корея Республикасы Миллий Ассамблеясыныӊ комитетлери менен Олий Мажлис Сенаты комитетлери арасында тиккелей байланысларды күшейтиў бойынша усыныслар да алға қойылды.

Қубла Кореяныӊ бай тәжирийбесин инабатқа алған ҳалда ҳаял-қызлардыӊ бәнтлигин тәмийинлеў, биринши гезекте, оларды исбилерменликке тартыў, бизнести басқарыў потенциалын арттырыў бағдарында бирге ислесиўди жолға қойыўды хошаметлеў кереклиги атап өтилди.

Парламент дәрежесинде Кореядағы өзбекстанлы мийнет мигрантлары ушын қолайлы шараятлар жаратыў мәселесинде де пикир алысылды.

Сәўбет барысында еки мәмлекет арасында билимлендириў, денсаўлықты сақлаў, коррупцияға қарсы гүресиў тараўларында биргеликте жаӊа жойбарларды иске қосыўға келисип алынды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги