Қарақалпақстан Республикасы педагогларды жаңа методикаларға үйретиў орайында Қарақалпақстан Республикасы Мәлимлеме-китапхана орайы қәнигелери тәрепинен “Жәмленген электрон каталог (catalog. unicat. uz) программасында  кеңейтилген излеў  библиографиялық жазыўын тез табыў усылы” атамасында көшпели семинар болып өтти.

Онда мектеплерден келип орайда билимин жетилистирип атырған китапханашы қәнигелер  қатнасты.

Семинардың мақсети – Жәмленген электрон каталогта библиографиялық жазыўларды бир жерге жәмлеў, библиографиялық жазыўлардың қайталаныўына жол қоймаў ҳәм Мәлимлеме-китапхана орайлары менен биргеликте бирге ислесиў, мағлыўмат алысып турыўды жолға қойыў болып есапланады.

Семинарда Қарақалпақстан Республикасы Мәлимлеме-китапхана орайының Жәмленген электрон каталог секторы баслығы З.Есимова catalog.unicat.uz программасында автоматластырылған мәлимлеме-китапхана системасына өтиў ҳәм  жумыс алып барыў тәртибиниң әҳмийети ҳәм мақсети ҳаққында,  сондай-ақ, семинар даўамында  жәмленген электрон каталог программасында кеңейтилген излеўде библиографиялиқ  жазыўды тез табыў усыллары бойынша түсиниклер берди. Ал, жәмленген электрон каталог секторының жетекши қәнигеси А.Халмуратова тәрепинен бул программадағы библиографиялық жазыўларды стандартлар тийкарында жаратыў ҳаққында мағлыўматлар берилди.

Семинарда қатнасыўшылар қәнигелерден өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги