Decoding Global Talent Report 2024 есабатына бола, планетамыздағы ҳәр төртинши профессионал кәсип ийеси ямаса 800 млнға шекемги қәниге өзине сырт елден жедел жумыс излемекте. Бул ҳаққында CNBC хабар берди.
Экономикалық ҳәм геосиясий машқалаларға қарамастан, сырт елде ислеў нийетиндегилердиң үлеси тынымсыз артып бармақта. Буған себеплер қатарында экономикалық имканиятлар, карьера етиў ҳәм және де жақсырақ жасаўды қәлеў сыяқлы факторлар көрсетилген.
Қалаберди, халықаралық компаниялар басшыларының көпшилиги (92 процент) өзлери ушын үш әҳмийетли перспективалы бағдардан бири сыпатында қәбилетлерди тартыў ҳәм турақлы ислетиўди көрсеткен.
Қәбилетли қәнигелер ушын топ-10 қала
Рейтингте күшли үшликти Лондон, Амстердам ҳәм Дубай бәнт етти.
Бул қалалардың тийкарғы абзаллықлары — жақсы мийнет ҳақы, раўажланған транспорт тармағы. Сондай-ақ, мәдениятлардың ҳәр қыйлылығы қәдирленеди.
Лондон 2014-жылдан берли мигрантлар ушын «биринши санлы қала» атын сақлап турыпты. Респондентлердиң 9 проценти Уллы Британия пайтахтына ислеў ушын көшип барыўға таяр екенин билдирген.
Дизимде кейинги орынларды төмендеги мегаполислар ийеледи (4–10-орынлар): Абу-Даби, Нью-Йорк, Берлин, Сингапур, Барселона, Токио, Сидней.
Итибарлы тәрепи, Арқа Азиядағы ең жақсы бағдар — Сингапур сырт елли қәнигелерди әйне атаў-мәмлекети болғаны ушын көбирек тартпақта, делинеди хабарда.
Қарақалпақстан хабар агентлиги