Telegram мессенджериниң Android системалары ушын бета-версиясында Fact Check («Фактлерди тексериў») функциясы пайда болды. Бул ҳаққында «Код Дурова» телеграм-каналы хабар берди.
Бул функция еле рәсмий түрде тастыйықланғаны жоқ.
Telegram агентликлер (оларды мәмлекетлер ҳүкиметлери тайынлаўы мүмкин) менен бирге ислеседи, постларда түсиндириўлер пайда болыўды баслайды, делинеди хабарда.
Атап өтилиўинше, әпиўайы пайдаланыўшылар Fact Check сәўлелендирген контентке тәсир көрсете алмайды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги