Т.Қайыпбергеновтың туўылғанына 95 жыл

Қәдирдан бирадарым!

Ҳәр қыйлы себеплер менен сениң «Қарақалпақ дәстаны»ңды толық оқып шығыўға ҳеш ўақыт таба алмай жүр едим. Ақыры, кеше ғана китабыңды соңына шекем оқып рәҳәтлендим. Расын айтсам, кейинги жылларда, әсиресе, өзим ислеп атырған пайытларда тәғдир инам еткен өмирдиң ҳәр бир минутын қәстерлеўге, ҳәтте китап оқыўдан да өзимди тыйыўға ҳәрекет етип атырман. Нәзеримде, өзиң де тап сондай тәшўиште жүрген болсаң керек.

Бизиң жасымызға жеткен адамлар (қәтелеспесем, келеси жылы сен де 70 жасқа шығасаң) көбирек жумыс ислеўди қәлейди. Соған қарамастан сениң «дастықтай» трилогияңды оқып шықтым. Оқығанда да күтә қызығып, шынын айтсам, рәҳәтленип оқыдым. Авторға, яғный саған, қарақалпақлардың үш әсирлик (XVII-XIX әсирлер) тарийхын көркемлик жақтан исенимли ҳәм күшли сәўлелендириў несип еткенин көрип, қуўанып кеттим. Трилогияда сәўлеленген халық аз санлы болса да, терең тарийхы ҳәм тамырлары бар, усы күнге шекем өзиниң теңлигин, пүтинлигин, тәкирарланбайтуғын миллий тулғасын сақлап қалған.

Мен өз турмысымда көплеген тарийхый романларды оқығанман. Көпшилик тарийхый шығармаларда сыртқы басқыншылар ямаса ҳүкимдарлар душпан келбетинде сәўлеленеди. Сениң «Дәстан»ыңда болса пүткиллей басқа көринислерди көрдим. Бунда халық (Маман бий де, Айдос баба да, Ерназар алакөз де, басқалар да) өзге миллет ҳәм руў ўәкиллерин душпан деп билмейди. Керисинше, душпанлар жанында болады. Олар сениң менен бир тилде сөйлеседи, көбинесе, қоңсы отаўда жасайды. Әттең, бундай ҳалат бәрше түркий тиллес халықларға тән. Буны тарийх та тастыйықлайды. Әййемги битиклерде түркий тиллес халықлардың бир-бирине қарсы турғаны, бир-бири менен жаўласқаны ҳаққында ҳәдден зыят мысаллар бар. Ол бизиң бабаларымызды кемситиў ямаса тарийхымызды надурыс баҳалаў ушын тийкар болмаслығы лазым. Егер олар бир-бириниң мысалында өзлерин, пикирлерин, қаналасларын көргенинде ҳәм тән алғанында еди, XX әсирде бизге бир-бири менен тынымсыз жаўласатуғын жигирмадан аслам түркий тиллес халықлар ханлығы мийрас болып қалмас еди. Оның үстине, түркийлер, салжукийлер өз ықтыярлары менен Ўатанынан, яғный Тураннан бас алып кетпес еди. Өйтпегенде усы жерде, яғный ата мәканы болған, Евроазияның киндигинде Россия, Қытай, Ҳиндстан, Иран менен биймәлел бойласа алатуғын уллы бир мәмлекетке тийкар салған болар еди.

Көп мәртебе тәкирарланған алаўызлық ҳәм жаўызлықтың тийкарғы себеби, мениңше, руўшылық, бир-бирин тән алмаўшылық нәтийжесинде жүз берген. Трилогияда сәўлелендирген – мисли көрилмеген ҳәсиретлер соннан ибарат, халық ҳәм оның жол басшылары бир-бирин түсиниўди қәлемейди, өз-ара тил табыса алмайды. Ақыбетинде Маман бий, Айдос баба, Ерназар алакөз сыяқлы халықтың жол-басшылары өз руўласлары тәрепинен өлтириледи.

Мениңше, Төлепберген, бундай ҳәсиретлерди философиялық таллаў бабында, сен инсаный ҳәм әдеп-икрамлылық көзқарасынан, мың мәртебе ҳақсаң. Буны пүткил дүнья тарийхы көрсетип турыпты. Ўатаншыл жолбасшы менен өзин «халық» деп атаўға даўагер болған аламан арасындағы түсинбеўшилик, көбинесе, қорқынышлы қайғы менен жуўмақланады. Бундай гүрестиң биймәнилигин қарақалпақлардың руўхый басшысы Мурат шайық биринши болып аңлап жетеди. Шын мәнисинде, халықтың руўхый атасы, ўатаншыл болған шайық, руўбасыларының келте-пәмлиги себепли оларды ҳеш қашан келисимге келтире алмайды. Келисимге имкан таба алмай, илажсыз қалған Мурат шайық дин тәрепинен үзил-кесил қадаған етилген, көшпелилер арасында көз көрип, қулақ еситпеген жазаға өзин гирипдар етеди, өз жанына қаслық етеди. Өзин қудыққа таслап өлтиреди, қудықты да ҳарамлайды. Руўласларының ақмақлығын көрмеў ушын дәслеп өз көзлерин ойып алады. Оның досты Оразан батыр болса, бир-бирине жаўласқан қаналас руўласларын жарастыра алмағанынан соң нәйлаж улы Маманның орнына өзин қурбан етеди ҳәм усылайынша орынсыз жаўызлыққа шек қоймақшы болады.

Ески шығыс данышпанларының айтыўынша, ең дәслеп инсаниятқа тән болған жақсылықты да, жаўызлықты да ҳәр бир адам өзинен излеўи керек. Соннан кейин ғана өзлигинен келип шыққан ҳалда өз халқының түп мәнисин излеўи ҳәм түсиниўи лазым. Әйне усындай таллаў тийкарында көп қатламлы «Дәстан» жаратылған. Нәзеримде трилогияның күш-қүдирети де, руўхый қәдир-қымбаты да, әне сонда.

Мен теңеўди, әсиресе тарийхый теңеўди жаман көремен. Себеби теңеўлер өткинши, сиясий ямаса идеологиялық коньюктураны сүўретлейди. Лекин, Маман бий жаўынгерлерин басқарып гүреске атланған пайытта өз халқының қүдирети менен душпанға қорқыныш салмақшы болғанында күлкили ҳәм қайғылы ҳалатқа түсип қалғанын еслетип өтпекшимен: Ол артына қайырылады да, изине ерип киятырған сегиз шабандозды көреди… Бары-жоғы сегиз адам! Соның ушын өз халқына пана болатуғын уллы ханлықларды, патшалықларды, досларын излейди. Ҳәтте, усы мақсетте Петербургқа, Елизавета Петровнаның алдына барып қорғаныў ҳәм ғамхорлық  ҳаққында шәртнама дүзип келеди. Жарлық алып ол Ўатанына қайтады: енди оның кеўли бәлент, себеби оның изинде 8 нөкер емес, ал уллы ҳәм шексиз рус империясы турғандай. Күтилмегенде, кишкене ғана қоңсы ханлық Маман бийдиң журтына бастырып киреди. Бирақ Россиядан ўәде етилген мәдет келмейди. Лебизди ҳәмме нәрседен жоқары қоятуғын түркий тиллес перзент және бас ийип Россия патшасына барыўға арсынады ҳәм өз халқын ертип әййемги ўатаны – Әмиўдәрьяның төменги ағымына қарай көшиўди, азап-ақыретлерди басынан кешириўди абзал көреди. Солай етип, Хорезм ойпатлығында көшпелилерден бири болған қарақалпақ халқы өзиниң әзелги ўатанын қайта таўып, онда мәңгиге қалады.

Айырым тарийхый тулғаларды, олар ҳаққында роман дөретилмесе де, пүткил дүнья биледи. Сен болсаң, Төлепберген, өз трилогияңда («Маман бий әпсанасы», «Бахытсызлар», «Түсиниксизлер») әййемги инсаният тарийхы соқпақларында атлары өшип баратырған, китап оқыўшыларға усы ўақытқа шекем исми-шәриплери нәмәлим болған үш пидәкер қарақалпақ Маман бий, Айдос баба, Ерназар алакөз келбетинде уллы баҳадырлардың образларын жараттың. Әттең, бүгинги Арал ҳәсиретине байланыслы сол баҳадырларды жетистирген халықтың өмири қыл үстинде турыпты.

Бул трилогия үлкен көркем шығарма болып, ол ҳақыйқый көркем өнер адамы – қолы гүл шебер тәрепинен – өз халқын айрықша меҳир-муҳаббат пенен жақсы көретуғын жазыўшының қәлби менен жаратылған. Төлепберген, сен орынлаған ўазыйпа қарақалпақлар ушын да, пүткил түркий тиллес халықлар ушын да шын мәнисинде, бийбаҳадур.

«Дәстан» жазғаның ушын рахмет! Өкинишлиси, ҳәзирги күнлердеги қыйыншылықлар себепли көпшилик адамлар «Қарақалпақ дәстаны»н қайта-қайта оқып шығыў имканиятына ийе емес-аў!

Туўысқанлық сәлем менен

ШЫҢҒЫС АЙТМАТОВ