Президент Шавкат Мирзиёев 6-май күни темир жол тараўындағы жойбарлардыӊ презентациясы менен танысты.

Мәмлекетимиздиӊ географиялық жайласыўы, раўажланған санааты ҳәм экономикасында темир жол транспорты үлкен әҳмийетке ийе. Соӊғы жыллары Өзбекстан темир жоллары үлкен раўажланыў жолын басып өтти. Заманагөй инфраструктураға ийе, халық ҳәм экономика тармақларыныӊ мүтәжликлерине сай бир пүтин темир жол системасы қурылды.

Улыўма, ғәрезсизлик дәўиринде 2 мыӊ 400 клиометрден көбирек жаӊа темир жоллар қурылып, пайдалыныўға тапсырылды, 3 мыӊ километрден асламы электрлестирилди. Мәмлекетимиздиӊ темир жол тараўы өзиниӊ аўыр машина қурылысы ҳәм қуйыў-металлургия санаатына да ийе болды. Бүгин бул тармақ үлкемиздиӊ барлық аймақ ҳәм регионлардын исенимли байланыстырып келмекте.

Булар арқалы Өзбекстан заманагөй транспорт коммуникациялары ҳәм жоқары транзит потенциалына ийе болған мәмлекет сыпатында Шығыс ҳәм Батыс, Қубла ҳәм Арқаны өз-ара байланыстыратуғын халықаралық темир жоллардыӊ әҳмийетли шеӊберине айланды. Мәмлекетимиздиӊ жедел инвестициялық сиясаты, бизнес ушын тартымлы шараятларды оныӊ саўда жоллары кесилисетуғын кесилиспе сыпатында әҳмийетин және де арттырды.

Соныӊ ушын бул тараўдағы қурылыс ҳәм модернизация жумысларын избе-из даўам  еттириў әҳмийетли. Презентацияда бул бағдардағы жойбарлар додаланды.

Бәринен бурын, транспорт-логистика потенциалын және де кеӊейтиў ҳәм оннан нәтийжели пайдаланыў мәселелерине итибар қаратылды. Исбилерменлерге қолайлықларды ҳәм экспорт имканиятларын арттырыў ушын транспорт коридорларын избе-из диверсификациялаў зәрүр екени атап өтилди.

“Бир мәкан, бир жол” басламасы шеӊберинде трансрегионаллық байланыслардыӊ әҳмийетли қурамлық бөлеги болатуғын “Қытай – Қырғызстан – Өзбекстан” темир жолын қурыў бойынша әмелий жумыслар көрип шығылды. Экспертлердиӊ пикиринше, бул транспорт коридоры тек үш мәмлекетти емес, ал Орайлық Азия регионыныӊ раўажланыўына күшли пәт бағышлайды.

Орайлық Азияны  Қубла Азия менен байланыстыратуғын жаӊа транспорт коридорларын жаратыўға байланыслы процесслер бойынша мәлимлеме берилди.

Мәлекетимиз басшысы соныӊ менен бирге, авиация инфраструктурасын раўажландырып, аэропортларды халықаралық транзит хабына айландырыў, заманагөй автомобиль жолларын қурыў ҳәм оӊлаў бойынша тапсырмалар берди.

ӨзА