Т.Қайыпбергеновтың туўылғанына 95 жыл

Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында Өзбекстан Қаҳарманы, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық жазыўшысы Төлепберген Қайыпбергеновтың туўылғанына 95 жыл толыўына арналған «Кең дүньяға халқын танытқан жазыўшы» атамасындағы илимий-теориялық конференция болып өтти,-деп хабар бермекте институт баспасөз хызмети хаткери И.Мәтеков.

Илажға Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети Қарақалпақ әдебияты кафедрасының профессоры, филология илимлериниң докторы Пердебай Нуржанов, Өзбекстан Илимлер Академиясы Қарақалпақстан бөлими Қарақалпақ гуманитар илимлер илимий-изертлеў институты қарақалпақ әдебияты кафедрасының баслығы, филология илимлериниң докторы, профессор Зияда Бекбергенова, Өзбекстан Илимлер Академиясы Қарақалпақстан бөлими Қарақалпақ гуманитар илимлер илимий-изертлеў институтының жетекши илимий хызметкери, филология илимлериниң докторы, доцент Камал Палымбетов ҳәм басқа да әдебияттаныўшы илимпазлар, жас излениўшилер, студент-жаслар, сондай-ақ, жазыўшының перзентлери, шаңарақ ағзалары қатнасты.

Конференцияда атап өтилгениндей, ХХ әсирдиң 20-30-жылларынан басланған қарақалпақ прозасын дүнья әдебиятының ең алдынғы қатарларына алып шыққан, оның жанрлық-тематикалық жақтан байыўына үлкен үлес қосқан жазыўшы Төлепберген Қайыпбергеновтың әдебиятымыздағы орны айрықша.

Төлепберген Қайыпбергенов 1929-жылы 7-майда Кегейли районында (ҳәзирги Нөкис районының аймағында) туўылған.

«Секретарь», «Муғаллимге рахмет», «Соңғы ҳүжим», «Суўық тамшы», «Қарақалпақ қызы», «Маманбий әпсанасы», «Бахытсызлар», «Түсиниксизлер» («Қарақалпақ дәстаны» трилогиясы), «Қарақалпақнама», «О дүньядағы атама хатлар» ҳәм басқа да көплеген гүрриң, повесть ҳәм романлары басып шығарылған.

Жазыўшының көпшилик шығармалары дүньяның бир қатар тиллерине аўдарылды.

Ол Қарақалпақстан Республикасының Бердақ атындағы, Өзбекстан Республикасының Қашқарий атындағы мәмлекетлик ҳәм бурынғы Аўқамның М.Шолохов атындағы халықаралық сыйлықларының лауреаты болып есапланады. Т.Қайыпбергеновқа 2003-жылы «Өзбекстан Қаҳарманы» ҳүрметли атағы берилди.

Атақлы жазыўшының атын мәңгилестириў бойынша бир қатар жумыслар әмелге асырылды. Атап айтқанда, Нөкис қаласындағы үлкен көшелерден бири Төлепберген Қайыпбергенов аты менен аталды. Қарақалпақстандағы жоқары оқыў орынларының студентлери ушын Т.Қайыпбергенов атындағы мәмлекетлик стипендия енгизилди. Ташкенттеги Жазыўшылар бағында оның саўлатлы естелиги орнатылды.

«Ижод» жәмийетлик қоры тәрепинен қарақалпақ прозасы кәрўанбасшысының таңламалы шығармалары басып шығарылды. Сондай-ақ, «Қарақалпақ дәстаны» трилогиясы ҳәм повестьлер топламы қарақалпақ тилинде қайта жарық көрди.

Сондай-ақ, шығып сөйлеўшилер тәрепинен жазыўшының шығармаларын буннан былай да терең үйрениў, илимий-изертлеў жумысларын алып барыў, шығармаларының картотекасын жаратыў, еле жарық көрмеген шығармаларын баспаға таярлаў, атын мәңгилестириў мақсетинде әмелге асырылыўы керек болған жумыслар ҳаққында пикирлер билдирилди.

Илаж институттың Түркий тиллер факультети қарақалпақ әдебияты кафедрасы жанындағы «Зийўар» әдебий дөгерегиниң талантлы студентлери ҳәм «Тумарис» халық ансамбли ағзаларының атқарыўындағы көркем-әдебий концерт бағдарламасы менен даўам етти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги