Усы жыл 24-май күни Жәҳән банки атқарыў директорлары кеӊеси Өзбекстанда «Халықтыӊ социаллық қорғаўға мүтәж қатламларын социалласыўын тәмийинлеў ушын инновациялық социаллық қорғаў системасы» (ИНСАН) жойбарын әмелге асырыў мақсетинде 100 миллион доллар муғдарында жеӊилликли кредитти тастыйықлады.
Жойбардан гөзленген мақсет халықтыӊ социаллық қорғаўға мүтәж қатламларына киретуғын адамлар ушын социаллық хызметлерден пайдаланыў имканиятын ҳәм олардыӊ сапасын жақсылаў болып табылады.
Жойбар қосымша түрде Жәҳән банки жанындағы «Ерте жастағы билимлендириў ушын бирге ислесиў» көп тәреплеме донорлық транс қоры тәрепинен берилген 2 миллион долларлық грант жәрдеминде қаржыландырылады. Атап өтилиўинше, қордыӊ жумысы дүньяныӊ түрли мәмлекетлериндеги социаллық қорғаўға мүтәж балалардыӊ раўажланыўы ҳәм билим алыўын қамтып алады. Бул қаржылар жергиликли жәмәәтлер (мәҳәллелер) дәрежесинде көрсетилип атырған социаллық хызметлердиӊ Өзбекстандағы социаллық қорғаўға мүтәж балалардыӊ абаданлығына тәсирин баҳалаў ҳәм олардыӊ сапасын арттырыў ушын қаратылады.
«Жойбар Өзбекстанда «ғамқорлық экономикасы» секторыныӊ ҳуқықый ҳәм институционаллық тийкарларын раўажландырыўға жәрдемлеседи. Сондай-ақ, ол мыӊлаған адамлар, соныӊ ишинде, кексе пуқаралар, майыплығы бар шахслар, шаӊарақтағы зорлық қурбанлары ҳәм социаллық қорғаўға мүтәж балалар ушын елеге шекем жоқ зәрүр социаллық хызметлерден пайдалаыў имканиятларын жақсылаўды қоллап-қуўатлайды»,- деди Жәҳән банкиниӊ Өзбекстандағы ўәкилханасыныӊ баслығы Марко Мантованелли.
Жойбар шеӊберинде мәҳәллелер дәрежесинде жумыс алып баратуғын 50 ден аслам социаллық хызметлер көрсетиў орайлары шөлкемлестириледи ҳәм халықтыӊ социаллық қорғаўға мүтәж қатламларыныӊ усы орайларда сапалы социаллық ҳәм реабилитация хызметлеринен пайдаланыў имканиятлары жақсыланады.
Сондай-ақ, жеке меншик сектор тәрепинен социаллық хызметлер көрсетиўдиӊ тәртипке салынатуғын базарын раўажландырыў ушын шараялар жаратылады. Жойбар жәрдеминде халықтыӊ социаллық қорғаўға мүтәж қатламларына киретуғын пуқараларға индивидуалласқан социаллық жәрдем көрсетиў системасы ислеп шығылады, деп мәлимлеме береди хабар.уз
Қарақалпақстан хабар агентлиги