Ташкентте электрон сигареталар ҳәм темекини қыздырыў системалары (IQOS) айланысын қадағалаўшы нызам жойбарын додалаў болып өтти. Илаж даўамында баянатшылар теманы илимий көзқарастан додалады.

Электрон сигареталар (вайплер) ҳәм қыздырылатуғын темеки өнимлериниң ең ири импортёрлары ҳәм өндириўшилери болған «Тамакисоз» ассоциациясы сигареталарды қадаған етиў орнына оның ушын кемирек зыянлы альтернатив өнимлер импорты, ислеп шығарылыўы ҳәм айланысқа шығарылыўын ақылға уғрас тәртипке салыў мәселесин көтерип шықты.

Тараў ўәкиллери Швеция, Япония, Малайзия, Саудия Арабстаны ҳәм Жаңа Зеландия сыяқлы мәмлекетлерде никотинли өнимлерди тәртипке салыў шегиў дәрежесиниң тез төменлеўине алып келгенин көрсететуғын алдынғы халықаралық тәжирийбеге итибар қаратты.

Баспасөз конференциясының қатнасыўшылары қадаған етиўши көзқараслардан пайдаланыў бир қанша унамсыз ақыбетлерге алып келетуғынын атап өтти:

– нызамсыз саўда ҳәм жумыс орынларына жеткерилетуғын зыян;

– контрабанда ҳәм төмен сапалы өнимлердиң өсиўи;

– жаман әдетти тасламақшы болған шегиўшилерди альтернатив түрлерден айырыў.

Еслетип өтемиз, дәстүрий сигареталарға азырақ зыянлы болған альтернатив өнимлерди қадаған етиўге қаратылған нызам жойбарының жәмийетшилик додалаўы 18-апрельде жуўмақланды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги