9-12-май күнлери Түркияның Стамбул қаласында спорт гүреслери бойынша жәҳән лицензиялық турнири болып өтеди.

Бул жарыста Өзбекстан сайланды командасынан үш қыз Париж- 2024 Олимпиадасы ушын беллесиўлерге түседи. Әҳмийетли тәрепи сонда, бул жарысқа 68 кг салмақта қарақалпақстанлы Азия ҳәм жәҳән чемпионатының гүмис медаль ийеси Набира Есенбаева да қатнасады.

Мағлыўмат ушын айтатуғын болсақ, спорт гүреслери бойынша мәмлекетимиз сайланды командасында бүгинги күнге шекем 7 лицензияға ийе болды ҳәм еле 11 Олимпиада жолламасын қолға киргизиў имканияты бар.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги