«Өзбекстан- АҚШ – Аўғанстан» үш тәреплеме бирге ислесиў формасы Қәўипсизлик бойынша төменги комитетиниң биринши мәжилиси видеоконференцбайланыс арқалы өткерилди.

Илажда төменги комитеттиң жәрдемши басшылары – Өзбекстан Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети баслығының орынбасары Салимжон Ҳусанов, сыртқы ислер министриниң орынбасары Фурқат Сидиқов, АҚШ Мәмлекетлик хаткериниң Қубла ҳәм Орайлық Азия бойынша жәрдемшисиниң орынбасары Ненси Жексон, Қорғаныў министри жәрдемшисиниң орынбасары Томас Крочи, Аўғанстан Президентиниң Миллий қәўипсизлик мәселелери бойынша мәсләҳәтшисиниң орынбасары Салом Шоҳ Иброҳимий, Аўғанстан Миллий қорғаныў министриниң орынбасары Абдулҳай Рауф, сондай-ақ, үш мәмлекеттиң жуўапкер министрликлери, уйымларының ўәкиллери қатнасты.

Тәреплер ағымдағы эпидемиологиялық жағдай бойынша пикир алысты, коронавирус инфекциясының регионналлық ҳәм глобаллық қәўипсизликке унамсыз тәсирин додалады. СОVID-19 ақыбетлерин сапластырыў ушын күшлерди бирлестириў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Наркотрафикалық ҳәм терроризмге қарсы гүресиў нәтийжелилигин арттырыў ушын тәреплердиң тараў уйымларының арасында шегараларды қорғаў ҳәм мәлимлеме алмасыў бағдарындағы бирге ислесиўди кеңейтиў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

«Ҳаяллар, тынышлық ҳәм қәўипсизлик» күн тәртиби бойынша қатнасықлардың әҳмийетли белгилерине айрықша итибар қаратылды. Ҳаял-қызлардың ҳуқықлары менен мәплерин тәмийинлеў тараўындағы байланысларды беккемлеў, оларға күш көрсетилиўи ҳәм ҳаял-қызлардың сапалы билим алыўына байланыслы машқалаларды шешиў механизмлери додаланды.

Мәжилисте биргеликтеги күн тәртибиниң басқа мәселелери де көрип шығылды.

 

ӨзА