Бразилия Cыртқы ислер министрлиги Индонезия 6-январь күни БРИКСке толық ағза болғанын мәлим етти.
2025-жылы шөлкемге Бразилия басшылық етеди.
Олардың атап өтиўинше, жәмийетшилик ағзалары 2023-жылы август айында Йоханнесбург саммитинде Индонезияның талабанлығын мақуллаған, бирақ қабыллаўды бир жылдан кейин болып өтетуғын президентлик сайлаўларына шекем қалдырған.
Бразилия сыртқы ислер министрлиги Қубла-Шығыс Азиядағы ең көп халық ҳәм ең үлкен экономикаға ийе Индонезия шөлкем талапларына толық сәйкес келетуғынын ҳәм глобал қубладағы бирге ислесиўди тереңлестириўге унамлы үлес қосып атырғанын атап өтти.
1-январь күни Индонезия ҳәм басқа бир қатар мәмлекетлер (атап айтқанда, Беларусь, Қазақстан ҳәм Өзбекстан) БРИКС бойынша шериклер статусын алды. Өткен жылы шөлкемге Египет, Иран, БАӘ ҳәм Эфиопия қосылған еди.
Индонезия БРИКСке қосылыў тилегин 2010-жылы, Қубла Африка бул шөлкемге қосылғанында билдирген. Сонда Россия тәрепи аўқамның кеңейиўине унамлы көз қарасларын билдирген ҳәм ағзалыққа талабанлар ушын тәртип ҳәм талапларды белгилеўди усыныс еткен еди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги