Қараөзек  районы ҳәкимлигинде 2025-жылы халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў бойынша оқыў семинары болып өтти.

Оған Қараөзек, Тахтакөпир районларының мәҳәлле жетиликлери менен тийисли тараў ўәкиллери қатнасты.

Семинарда Қарақалпақстан Республикасы  Кәмбағаллықты  қысқартыў ҳәм бәнтлик министри  Қ. Азербаев  қатнасып,  республикамызда  2025-жылы халықтың бәнтлигин тәмийинлеў, оларды кәмбағаллықтан шығарыў, сондай-ақ , аймақларды раўажландырыў бойынша экономикалық комплекс тәрепинен әмелге асырылған ўазыйпалар ҳәм  «Драйвер» жойбарларын анықлаў, соның менен бирге, Қытай мәмлекетиниң тәжирийбесин ен жайдырып,  берилген тапсырмалардың орынланыўы бойынша  мәҳәлле жетиликлери менен ашықтан-ашық сөйлесип, пикирлести.

Сондай-ақ, илажда турғынлар арасында кәмбағаллықты дурыс анықлаў, аймақларда өндиристи раўажландырыў, арнаўлы егин жетистириў арқалы кәмбағаллықты азайтыў ҳәм жумсартыў, билимлендириўге итибар қаратыў менен кәмбағаллыққа қарсы гүресиў ҳәм басқа да бағдарлар бойынша түсиник жумыслары алып барды.

Семинарда қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған мәселелер бойынша қәнигелерге сораўлар берип, оларға тийисли жуўап алды.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы