Гендер теңлик – инклюзив ҳәм турақлы өсиўге ерисиўдиң тийкарғы факторы

220

Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң 2030-жылға шекем Турақлы раўажланыў  күн тәртибиниң тийкарғы бағдары болған гендер теңлик – инклюзив  ҳәм турақлы өсиўге  ерисиўдиң  тийкарғы факторы есапланады. Ол кәмбағаллықты қысқартыў, теңсизликти  сапластырыў ҳәм социаллық абаданшылықты арттырыўда шешиўши роль атқарады.

Сонлықтан БМШ Азық-аўқат ҳәм аўыл хожалығы шөлкеми – ФАО ағза мәмлекетлерди гендер теңлиги мақсетлерине ерисиўге қаратылған сиясий принциплерди  ислеп шығыў ҳәм әмелге  асырыўда, мийнет ресурсларының үлкен бөлегин ҳаял-қызлар қурайтуғын аўыл хожалығы тараўында қоллап-қуўатлап келмекте.

Структура Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлиги ҳәм Экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериўи министрлиги менен биргеликте «Өзбекстанда қурғақшылыққа ушыраған экосистемалардағы тоғайлар ҳәм жайлаўларды турақлы басқарыў» жойбарын әмелге асырмақта.

Усы жойбар шеңберинде «Ҳеш ким артта қалмаўы керек» принципи тийкарында аўыл хожалығын раўажландырыўда гендер процесслерди енгизиў бойынша  Стратегия жойбары да ислеп шығылды. Жойбар жуўапкерлери тәрепинен  усы стратегияны додалаўға бағышланған әнжуман өткерилди.

Илажда  сөйлесиў, пикир алысыў, ҳүжжетти әмелге асырыў бойынша әмелий қәдемлер белгилеп алынды. Бул ҳүжжет ҳәмме ушын тең имканиятларды тәмийинлеў, аўыл хожалығы ресурсларын турақлы басқарыў ҳәм қарар қабыл етиўде ҳаял-қызлардың қатнасыўын арттырыўға қаратылғанлығын атап өтиў зәрүр.

– 2021-жылы Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты тәрепинен қабыл етилген гендер стратегияда ҳәр бир министрлик ҳәм шөлкем өзиниң гендер стратегиясын ислеп шығыўы усыныс етилген еди, – деп илаждың мәниси ҳаққында  атап өтти Сенат ағзасы Малика Қодирхонова. – Аўыл хожалығы тараўында гендер стратегиясының ислеп шығылыўы не ушын әҳмийетли?

Биз билемиз, бүгинги күнде елимизде аўыл халқының 48 процентинен асламын ҳаял-қызлар қурайды. Аўыллық жерлерде жасайтуғын ҳаял-қызлардың турмыс тәризи де, ислейтуғын мийнети де аўыр болыўына қарамастан, олар халқымыз дастурханына экологиялық таза өнимлерди жеткерип бериўде оғада белсенди. Гендер стратегиясында олар ушын  жумыс орынларының сапасын жақсылаў, сондай-ақ, финанслық ҳәм ҳуқықый билимлерин арттырыў мәселелери өз көринисин тапқан.

Стратегия жойбары жетекши миллий ҳәм халықаралық экспертлер, соның ишинде, ФАОның Европа ҳәм Орайлық Азия регионаллық ўәкилханасы қәнигелериниң қатнасыўында таярланғанын атап өтиў керек.

– Турақлы раўажланыўды гендер мәселесин есапқа алмастан турып әмелге асырыў мүмкин емес, – деди ФАО жойбары бас техникалық мәсләҳәтшиси Норимон Нишонов. – Бизге белгили, ҳаял-қызлар аўыл хожалығында тийкарғы роль атқарады, олар шарўашылық, жыйын-терим ҳәм жерди қатйа ислеў менен шуғылланады, бирақ олардың ҳуқық ҳәм имканиятлары көбинесе шекленген, соның ушын жайлаўларда жер ийелериниң ҳуқықларын беккемлеўде ақылға уғрас қатнас жасаў, бул ҳаял-қызлар ҳәм ерлер  ушын ресурслардан теңдей пайдаланыў болып есапланады.

Мәжилис даўамында климат өзгериўи ҳәм жер деградациясы бар теңсизликти күшейткени, сонлықтан ҳаял-қызлар ушын өзгерислерге бейимлесиў  ҳәм жаңа шараятларда табыслы ислеўге жәрдем беретуғын қурал ҳәм  механизмлерди ислеп шығыў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Илаж шеңберинде қәнигелестирилген шөлкем ҳәм басқармалардың ўәкиллери ушын да семинар шөлкемлестирилди.

Беҳруз Худойбердиев, ӨзА