Пуқаралық ислери бойынша Қарақалпақстан Республикасы Шымбай районы судының 2024-жыл 17-октябрьдеги орынлаў ҳүжжетине тийкарланып  жас өспирим еки перзент жуўапкер Ж.П ҳәм Г.А.лардан даўагер Р.А.ның тәрбиясына алып бериў белгиленди.

Бул  орынлаў ҳүжжети Мәжбүрий орынлаў бюросы Қараөзек районы бөлими ис жүргизиўине келип түсип, бөлим хызметкерлери тәрепинен орынлаў ҳәрекетине кирисилди. Атап айтқанда, орынлаў ҳүжжетин тәмийинлеў мақсетинде бөлим хызметкерлери тәрепинен жуўапкердиң жасаў мәнзилине бармастан, шаўқым болыўының  алдын алған ҳалда жуўапкерлер ҳәм даўагерлер Бюроға шақырылды. Оларға суд қарарының орынланыўы тәмийинлениўи зәрүр екенлиги,  оның орынланыўын тәмийинлемеў ақыбетлери ҳаққында түсиник берилди. Соның нәтийжесинде, жуўапкерлер тәрепинен усы жердиң өзинде балалар шәртли түрде анасының қушағына қайтарылып, суд қарарының орынланыўы әмелде тәмийинленди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги