Нурымбетов Ильяс Аңсатбаевич Республика тез медициналық жәрдем орайы Қарақалпақстан Республикаси филиалы директоры лаўазымына тайынланды.
2008-жылы Ташкент педиатрия медицина институтының Нөкис филиалын тамамлаған Ильяс Нурымбетов 2008 – 2010-жыллары Ташкент педиатрия медицина институтының клиник ординатурасында тәлим алады. Соңынан Республика тез медициналық жәрдем орайы Нөкис филиалында шыпакер, бөлим меңгериўшиси болып жумыс ислейди.
И. Нурымбетов тайынлаўға шекем Өзбекстан Республикасы денсаўлықты сақлаў министрлиги Медициналық хызметлердиң сапасын қадағалаў басқармасы Қарақалпақстан Республикасы бөлими баслығы лаўазымында хызмет еткен.
Жаңа басшыға Қарақалпақстандағы 162 медициналық бригаданы өз ишине қамтыйтуғын «103» хызметиниң тезлигин ҳәм сапасын жақсылаў, системаны санластырыў процесин жетилистириў, мәкемеге алдынғы халықаралық тәжирийбени енгизиў, заман талаплары тийкарында хызметкерлердиң билим ҳәм маманлығын арттырыў ўазыйпалары жүкленди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги