2021-жыл 22-июнь айында «Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының жумысына «E-qaror» электрон системасын енгизиў илажлары ҳаққында»ғы қарары қабыл етилген.

Қарарға муўапық, «E-qaror» электрон системасы республиканың барлық дәрежедеги  жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының жумысына енгизилип, қабыл етилип атырған қарар ҳәм бийликлердиң мониторингин жүргизиў әдиллик  уйымларына жүкленген.

Қарардың орынланыўы шеңберинде Әдиллик министрлигинде «E-qaror» электрон системасы  арқалы мониторинг процесслерин жетилистириў, әмелге асырылған жумыслар ҳәм әмелияттағы кемшиликлер ҳәм оларды сапластырыў бойынша усынысларды ислеп шығыў бойынша семинар өткерилди.

Министрликлер тәрепинен тийкарсыз жасырылған ҳәм нызамсыз түрде жәрияланған  жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының қарарлары аймақлық әдиллик басқармаларына тәсир илажларын қолланыў ҳәм қарарларды  нызамшылық  ҳүжжетлерине муўапықластырыў ушын жиберилип келинбекте ҳәм турақлы түрде мониторинг жумыслары әмелге асырылмақта.

Семинарда аймақлық әдиллик басқармаларының жуўапкер хызметкерлери тәрепинен системаны  жетилистириў, сондай-ақ, мониторинг процесслерин жеделлестириў  бойынша бир қанша усыныслар билдирилди. Соның ишинде, системаға бир қанша платформаларды  интеграциялаў ҳәм система арқалы  қарарларды  қабыл етиў, ҳуқықый экпсертиза ҳәм мониторинг (таллаў) етиў процесслерине жасалма интеллектти енгизиў мәселелери додаланды.

Н.Абдураимова, ӨзА