Усик жыл боксшиси деп табылды

215

Супер аўыр салмақ категориясында тийкарғы белбеўлердиң үшеўин өзинде сақлап турған украиналы Александр Усик WBC тәрепинен жыл боксшиси деп табылды.

Дүньяның ең белгили Sports Illustrated басылымы да украиналы жәҳән чемпионын 2024-жылдың ең жақсы боксшиси деп жәриялады. Усы күнге шекем жеңилис не екенлигин билмей киятырған Усик 2024-жылы еки беллесиў өткерип, олардың екеўинде де бурынғы WBC чемпионы Тайсон Фьюриди упайлар есабында жеңип шығыўға миясар болды.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы