Олий Мажлис Нызамшылық палатасының мәжилисинде бир топар депутатлар тәрепинен нызамшылық ҳуқықы басламасы тийкарында ислеп шығылған – нызам жойбарларын Нызамшылық палатасының додалаўына киргизиў ҳәм көрип шығыў тәртибин жетилистириўге қаратылған нызам жойбары қызғын додаланды.

Атап өтилгениндей, қабыл етилип атырған нызамлардың ҳәр тәреплеме толық болыўы халықтың абаданшылығын арттырыўға, инсан ҳуқықлары ҳәм еркинликлерин тәмийинлеўге хызмет  етеди. Соның менен бирге, нызам дөретиўшилиги жумысының сапасы жаңадан қабыл етилген нызамлардың Өзбекстан Республикасы Конституциясына, миллий нызамшылыққа, халықаралық ҳуқықтың улыўма тән алынған принцип ҳәм нормаларына,  сондай-ақ, Өзбекстан Республикасының халықаралық миннетлемелерине муўапық екенлигин тәмийинелейтуғын тәртип ҳәм механизмлердиң нәтийжелилигине ҳәр тәреплеме байланыслы.

Буннан тысқары, нызам жойбарларын ислеп шығыў ҳәм қабыл етиўде нәтийжели қарарлар қабыл етиўдиң ең әҳмийетли шәрти жәмийетшилик додалаўларының нәтийжелери бойынша көрсетилген пуқаралардың пикирлери ҳәм позицияларын үйрениў ҳәм инабатқа алыў болып есапланады.

Бул нызам жойбары менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам  ҳүжжетлерине бир қатар  қосымшалар менен өзгерислер киргизилмекте.

Атап айтқанда, нызам жойбарларын парламентке киргизиўде нызам жойбарының ҳәм  халықаралық шәртнама текстиниң ҳуқықый экспертизаларының нәтийжелери ҳәм нызам жойбарының коррупцияға қарсы  экспертизасы ҳәм жәмийетшилик додалаўдың нәтийжелерин усыныс етиў, сондай-ақ, нызамшылық басламасы ҳуқықы субъектине нызам  жойбарын екинши оқыўда қабыл етилгенине шекем оны шақырып алыў бойынша Олий Мажлис Нызамшылық палатасына усыныс киргизиў ҳуқықын бериў, нызамлардағы ҳуқықый бослықларды толықтырыў ҳәм нормаларды әмелге асырыў бойынша анық илажларды белгилеў нәзерде тутылмақта.

Нызам жойбарының қабыл етилиўи нызамшылық басламасы ҳуқықы субъектлериниң нызам дөретиўшилиги тараўындағы жумысының сапасын ҳәм нызамлардың социаллық қатнасықларды тәртипке салыўдағы ролин жәнеде арттырыўға хызмет етеди.

Сораў-жуўап ҳәм додалаўлардан соң нызам жойбары депутатлар тәрепинен қабыл етилди.

Муҳтарама КОМИЛОВА,

ӨзАның хабаршысы