Аввалги йилларда битирган абитуриентлар тўлов қиладими?

Ташкент мәмлекетлик экономика университетинде 2020/2021 оқыў жылы ушын қабыллаў процесине таярлық көриў ҳәм жоқары дәрежеде өткериўге бағышланған брифингте алдынғы жылларда питкерген абитуриентлер усы жылы төлем төлей ме, деген сораўға жуўап берилди.

Өткен жылдан баслап алдынғы жылларда тамамлаған абитуриентлерден тест сынақларында қатнасыўы ушын ең кем мийнет ҳақының 0,5 проценти муғдарында (101 мың сум) төлем өндириў жолға қойылған еди. Быйылғы жылы бул төлем 111,5 мың сум болады.

Бир сөз бенен айтқанда, алдынғы жылларда питкерген абитуриентлер оқыўға ҳүжжет тапсырыўда төлемди әмелге асырады.

 

ӨзА