Бүгинги күни Жаңа Өзбекстанды қурыў жолында ерисип атырған барлық жетискенликлер ҳәм табысларымызда Қураллы Күшлеримиз және олардың қатарларында өз ўазыйпасын шын кеўилден атқарып атырған мыңлаған әскерлердиң үлеси бар десек, әйне ҳақыйқатты айтқан боламыз. Соңғы жыллары «Халық ҳәм армия-бир тән, бир жан» деген ийгиликли идея тийкарында Қураллы Күшлеримиздиң жаўынгерлик потенциалын арттырыў, әскерий қурылыс тараўын түп-тийкарынан модернизациялаў бойынша алып барып атырған реформаларымыз нәтийжесинде миллий армиямызда ири өзгерислер жүз берип, оның қатарында хызмет етиў түп мәнисинде абырай-мәртебеге айланып бармақта.
14-январь-Ўатан қорғаўшылары күни ҳәм Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлери дүзилгениниң 33 жыллығы мүнәсибети менен пайтахтымыздың бир қатар орынларында байрам салтанатлары болып өтти.
Атап айтқанда Нөкис қаласы А.Досназаров көшесинде әскерий сапқа дизилип, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаевтың басшылығында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси менен Министрлер Кеңеси, Арқа-батыс әскерий округи, ҳуқық қорғаў уйымлары, мийнет жәмәәтлери, оқыў орынлары хызметкерлери, урыс ҳәм мийнет ветеранлары, жаслар атынан «Ҳәсиретли ана» естелигине гүл шеңберлери қойылды.
Соңынан Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында Ўатан қорғаўшылары күни ҳәм Қураллы Күшлеримиз дүзилгениниң 33 жыллығы мүнәсибети менен байрам салтанаты болып өтти.
Илажда Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларының мәмлекетлик гимнлери жаңлады.
Мәжилисте Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, әскерий тараў хызметкерлери, ветеранларды ҳәм пүткил халқымызды байрам менен қызғын қутлықлады.
Атап өтилгениндей, миллий армиямыздың шегараларымыздың қәўипсизлигин, Ўатанымыздың тынышлығын тәмийинлеўдеги хызмети айрықша. Ўатан қорғаўшылары бар екен, елимиз тыныш, аспанымыз ашық, халқымыздың тыныш ҳәм абадан турмысы тәмийинленеди.
Илажда Мәмлекетимиз Президенти, Қураллы Күшлер Жоқарғы Бас сәркардасы тәрепинен тараўға қаратылып атырған үлкен итибар айрықша тилге алынып, әскерий хызметкерлерди ҳәм олардың шаңарақ ағзаларын социаллық қоллап-қуўатлаў, әскерий қалашаларды абаданластырыў, заманагөй инфраструктураны қәлиплестириў бойынша системалы жумыслар әмелге асырылып атырғаны ҳүрмет пенен тилге алынды.
Салтанатлы мәресимде миллий армиямыз ҳәм ҳуқық қорғаў уйымларында пидәкерлик пенен хызмет етип атырған бир қатар офицерлер, сержантлар ҳәм нураныйларға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының арнаўлы қарары тийкарында, “Ардақлы нураный”, “Ўатан пидайысы” ҳәм “Үмит ушқыны” көкирек белгилери тапсырылды.
Салтанатлы илаж көркем өнер шеберлериниң концерт бағдарламасы даўам етти.
Қарақалпақстан хабар агентлиги