13-январь күни Японияның қубла-батысында 6,6 магнитудалы жер силкиниў жүз берди. Бул ҳаққында мәмлекетлик метеорология агентлиги мәлим етти.
Жер силкиниў Миядзаки, Синтоми ҳәм Таканабэ префектураларын қамтып алған, оның орайы теңиздиң Кюсю атаўы жағалаўларына жақын бөлегинде, 36 километр тереңликте жайласқан.
Жер силкиниў ақыбетинде жарақатланғанлар ямаса бүлгиншиликлер болғаны туўралы хабар келип түспеген. Тек ғана Миядзаки ҳәм Коти префектураларының жақынында бийиклиги 20 сантиметрге шамалас киши цунами бақланған.
Ҳәдийсе себепли Кюси атаўынан өтетуғын жоқары тезликли темир жолда қатнаў ўақытша тоқтатылды. Жергиликли АЭСлерде нормадан шығыў бақланбақта.
Қарақалпақстан хабар агентлиги