Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Бирлескен Араб Әмирликлери Президенти Шайх Муҳаммед Ол Наҳаянның мирәт етиўине бола рәсмий сапар менен Абу-Даби қаласында болмақта.

Бүгин, 14-январь күни мәмлекетимиз басшысы «Абу-Даби турақлы раўажланыў ҳәптелиги» халықаралық саммитиниң ашылыў мәресиминде ҳәм турақлы раўажланыў тараўында Шайх Зоид атындағы сыйлықты тапсырыў мәресиминде қатнасты.

Илажда Әмирликлер Президенти Шайх Муҳаммед Ол Наҳаян, Әзербайжан Республикасы Президенти Илҳам Әлиев, Қазақстан Республикасы Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев, Малайзия Бас министри Анвар Иброҳим, Нигерия Президенти Бола Тинубу, Руанда Президенти Пол Кагаме, Сейшел атаўлары Президенти Уовел Рамкалаван, Уганда Президенти Ёв ери Мусевени ҳәм басқа да сырт еллер ҳәм ҳүкиметлердиң басшылары да қатнасты.

Жоқары мәртебели мийманларды БАӘ басшысы күтип алғаннан соң, биргеликте сүўретке түсилди.

Абу-Даби турақлы раўажланыў ҳәптелиги – бул 2008-жылы БАӘ ҳүкимети ҳәм «Masdar» компаниясы тәрепинен турақлы раўажланыў тараўындағы глобал машқалаларды шешиў ушын шөлкемлестирилген халықаралық платформа болып есапланады. Форумның мақсети дүньяда турақлы раўажланыўды жеделлестириў, экономикалық, социаллық ҳәм экологиялық раўажланыўға жәрдемлесиў, азық-аўқат ҳәм суў қәўипсизлигин тәмийинлеў, энергия үнемлилигин ҳәм карбонсызландырыўды әмелге асырыўдан ибарат.

Бул ретки саммит күн тәртибине «жасыл» экономика тараўында турақлы раўажланыўды тәмийинлеў, инновациялар ҳәм жаңа технологияларды енгизиў, энергетика ҳәм азық-аўқат қәўипсизлиги бойынша регионаллық бирге ислесиўди беккемлеў  мәселелери киргизилген.


Форум шеңберинде Әмирликлердиң тийкарын салыўшысы – марҳум Шайх Зоид Ол Наҳаян аты менен аталыўшы турақлы раўажланыў тараўындағы жетискенликлер ушын сыйлық пенен сыйлықлаў мәресими де өткериледи. Бул ретки сыйлықтың «Глобал орта мектеплер» номинациясында Ташкент қаласындағы Президент мектеби жеңимпаз деп табылды.



Сыйлықты Бирлескен Араб Әмирликлери Президенти Шайх Муҳаммед бин Зоид Ол Наҳаян тапсырды.

Президентимиз Шавкат Мирзиёев мектеп ўәкиллери менен ушырасып, оларды жеңис пенен қызғын қутлықлады.

ӨзА