Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлери дүзилгениниң 33 жыллығы ҳәм  Ўатан қорғаўшылары күни байрамы мүнәсибети менен Нөкис гарнизонындағы Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайында салтанатли илаж өткерилди.

Оған Арқа-Батыс әскерий округи сәркардалығы, әскерий хызметкерлер, олардың шаңарақ ағзалары, мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик шөлкемлердиң ўәкиллери қатнасты.

Илажда Арқа-Батыс әскерий округи әскерлери сәркардасы, полковник Р.Рахмонов шығып сөйлеп, Ўатан қорғаўшыларын байрам менен қызғын қутлықлап, әскерий округтиң 2024-жылдағы жумысларына тоқтап өтти.

Атап өтилгениндей, Өзбекстан Республикасы Президенти, Қураллы Күшлер Жоқарғы Бас Сәркардасы тәрепинен алып барылып атырған кең көлемли реформалар шеңберинде әскерлердиң жаўынгерлик таярлығы, әскерий хызметкерлерди социаллық жақтан қорғаў, қоллап-қуўатлаў бойынша кең көлемли реформалар әмелге асырылып, миллий армиямыз тек ғана регионда емес, ал дүньядағы күшли армиялар қатарынан орын алмақта. Әскерий хызметкерлердиң профессионаллық таярлығын арттырыў, оларды заманагөй әскерий техника ҳәм қурал-жарақлар менен тәмийинлеў, басқарыў системасына мәлимлеме-коммуникация қуралларын кеңнен енгизиў, қәўипсиз хызмет шараятларын жаратыўға үлкен итибар қаратылмақта.

Бөлимлерде әскерлердиң жоқары жаўынгерлик таярлық мәселелерин жаңа сапа басқышына алып шығыў, жасларды ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаў бойынша әмелге асырылған жумыслар, қолға киргизилген нәтийжелер буның айқын мысалы бола алады.

Атап айтқанда, 2024-жылы әскерий округте әмелге асырылған қурылыс-оңлаў жумыслары шеңберинде Қарақалпақстан Республикасы Қорғаныў ислери басқармасы ҳәм басқарма жанындағы Шақырылыўшыларды әскерий-техникалық қәнигеликлер бойынша таярлаў орайы, Нөкис гарнизонындағы мобилизациялық шақырыў резерви батальоны ушын турақ жай ҳәм имаратлар қурылып, барлары капитал оңланды. Материаллық-техникалық тәмийнат базасында алып барылған капитал оңлаў жумыслары нәтийжесинде базаның мүмкиншиликлери бир неше есеге арттырылыўына ерисилди.

Өткен жылы әскерий хызметкерлердиң социаллық жақтан қорғалыўын тәмийинлеў мақсетинде 56 узақ мүддетли, жеңиллетилген ипотека кредитлерин ажыратыў есабынан ел қорғаўшылары жаңа турақ жай ийелерине айланды.

Мәмлекетимиз басшысының басламасы менен Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Хорезм ўәлаятындағы жәми 103 мың жас әскерий округ тәрепинен аталыққа алынып, 260 әскерий хызметкерге бир-бирден мәҳәлле бириктирилди. Өзбекстан Республикасы Ғәрезсизлигиниң 33 жыллығы мүнәсибети менен “Қорғаныў министрлиги тәрепинен аталыққа алынған жаслардың арасында Қорғаныў министрлиги кубоги ушын” әскерий-ўатансүйиўшилик комплексли жарысларының жуўмағы бойынша қарақалпақстанлы жаслар сыйлы биринши орынды ийелеп, Қорғаныў министриниң кубогине ийе болды.

“Армия – Ўатансүйиўшилик ҳәм мәртлик мектеби!” сүрени астында 10 күнлик “Мәртлик мектеби”ниң төртинши мәўсими өткерилип, оларға 800 жас тартылды.

Илажда әскерий округтиң бир қатар белсенди әскерий хызметкерлери, Қураллы Күшлердиң жумысшы-хызметкерлери ҳәм ветеранлар Өзбекстан Республикасы Қорғаныў министри, Арқа-Батыс әскерий округи әскерлери сәркардасы ҳәм Қарақалпақстан Республикасы “Нураный” қоры баслығы атынан естелик ҳәм көкирек белгилери, қымбат баҳалы саўғалар, диплом ҳәм Ҳүрмет жарлықлары, гезектеги әскерий атақлар менен сыйлықланды.

Салтанатлы илаж көркем өнер шеберлери ҳәм әскерий оркестрдиң байрам концерти, сондай-ақ, жаслардың көргизбели шығыўлары менен даўам етти.

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги