Россияда депутатларды еки есеге қысқартыў да қаржыны үнемлейди ҳәм жергиликли парламентлерде социаллық аралықты тәмийинлейди. Россия либерал демократиялық партиясының лидери Владимир Жириновский усындай пикирди ортаға таслады.

Мәмлекет думасы депутатының атап өтиўинше, парламентлик сайлаўлар да еки-үш жылда бир мәрте өткерилиўи керек.

Буннан алдын да россиялы сиясатшы бас министр Михаил Мишустинге сондай усынысты билдирген еди. Жириновскийдиң атап өтиўинше, усылай исленсе «мәмлекетте ҳеш нәрсе өзгерип қалмайды, керисинше жақсы болады».

Соңғы мағлыўматларға бола, Россияда 232 мың адам коронавирусқа шалынған, еки мыңнан аслам адам қайтыс болған.

 

ӨзА