АҚШ президенти Дональд Трамп Шығыс Корея жетекшиси Ким Чен Инниң және сиясий турмысқа қайтқанынан қуўанышлы екенлигин билдирди. Ол бул ҳаққында Твиттердеги бетинде жазған.

«Мен мәселен, оның қайтқанынан қуўанышлыман ҳәм бул жақсы!» – деп Ким Чен Инниң Сунчондағы фосфат төгинлери фабрикасына сапары ўақыясына пикир билдирген Ақ үй басшысы.

Ҳәммемизге белгили, КХДР лидериниң өлими ҳаққындағы мыш-мышлардан кейин Ким Чен Инниң халық алдында көринис бергени көрсетилген видео интернетте пайда болған еди.

Хабарыңыз бар, бурын дүньяның бир қатар, АҚШтағы көплеген ғалаба хабар қуралларында Кимниң жағдайы «операциядан соң оғада аўыр» екенлиги хабар берилген еди. Ҳәтте айырымлар оны «өлди»ге де шығарды.

Бирақ кейин  CNN америкалы мәмлекет әмелдарының мағлыўматына сүйенип Шығыс Корея басшысының саламатлығы менен байланыслы бундай мағлыўматлар тийкарсыз екенлигин билдирди.

Қубла Кореяның Daily NK онлайн-баспасы болса Ким Чен Ин көп шеккени, семириў ҳәм ҳалдан тайғаны ушын жүрек операциясын әмелге асырғаны, ҳәзирги ўақытқа келип Хянсан округиндеги вилласында емленип атырғаны ҳаққында хабар берди.

КХДР жетекшисиниң саламатлығы жақсыланғаннан соң оны емлеп атырған медицина бригадасының үлкен бөлеги де Пхеньянға қайтып келген.

 

ӨзА