Мектеп сабақлары аралықлы ҳәм еркин өзлестириледи, делинбекте. Усы жерде, ата-аналарда оқыў процеси басланғанда имтихан ямаса қадағалаў жумысы алына ма, перзентлеримиздиң сабақларды өзлестиргениниң дәрежеси қалай баҳаланады, сыяқлы сораўлар туўылмақта.

Халық билимлендириў министрлигинен алынған мағлыўматларға бола, телевизиялық сабақларды параллель түрде министрликтиң рәсмий веб-сайтында, kundalik.com ҳәм онлайн мектеп электрон порталы арқалы бақлап барыў имканияты жаратылады.

Kundalik.com арқалы муғаллимлер оқыўшылардың видеосабақлар арқалы билим алыўын қадағалап, баҳалап барады. Kundalik санлы билимлендириў платформасы мектеплерде аралықлы билимлендириўди шөлкемлестириў ушын барлық зәрүр функцияларға ийе. Бул оқыўшыларға үйде отырған ҳалда оқыў процесин тоқтатпаў, пәнлерди еркин түрде үйрениў ҳәм педагог пенен аралықтан турып сөйлесиў имканиятын береди.

Педагоглар Kundalik арқалы үй тапсырмаларын ҳәм оқыў материалларын бериўи, оқыўшылар болса орынланған жумысларды тексериўге жибериўи мүмкин. Усы тийкарда муғаллимлер электрон журналға баҳа қояды ямаса жуўаплар үстинде және ислеў бойынша түсиндирмелерин қалдырады.

Бирақ бул система ҳәзирше тек Ташкентте екенин есапқа алыў зәрүр. Сонлықтан, қалған аймақларда дем алыс дәўири тамамланып, оқыў процесслери басланған ўақытта 4-шеректе режелестирилген қадағалаў жумыслары (аралық ҳәм жуўмақлаўшы) өткериледи. Себеби оқыўшылардың оқыў жылын табыслы жуўмақлаў және класстан классқа өткерилиўи, питкериўши класс оқыўшыларына болса аттестат берилиўи керек.

Бул процессте ата-аналардан жуўапкершиликли болыўы талап етиледи. Олар перзентлериниң билимин беккемлеўде өз жәрдемин аямай, тек ғана телебағдарламалар арқалы берилип атырған сабақларда емес, ал турақлы түрде мектеп бағдарламасын өзлестириўинде жәрдем бериўи керек.

 

ӨзА